Қытай кеше қуяш сырларын изертлеў ушын космосқа жайласатуғын ASO-S обсерваториясын табыслы ушырды, деп хабар бермекте Синьхуа агентлиги.
Қуяшты изертлеўге арналған жаңа спутник Пекин ўақты менен саат 07:43 те ушырылды және белгиленген орбитаға сәтли шықты, делинеди хабарда.
Бул изертлеўден қуяштың жарқыраўы, корональлық масса шығарылыўы, қуяштың магнит полясы арасындағы байланысларды изертлеў ушын, сондай-ақ, космостағы ҳаўа-райын бақлаўға зәрүр дәреклерди алыў мақсети гөзленген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги