Чехияда қымбатшылықтан наразы бир неше мыңлаған адам митинг уйымластырды, деп хабар бермекте сырт ел ғалаба хабар қуралларында. Бир неше мыңлаған адам жыйналған митингшилер ҳүкиметтен жәрдем талап етпекте, делинеди хабарда.
Халық 8-октябрь күни Прагадағы Вацлав майданында жыйналып энергия менен азық-аўқат баҳасының қымбатлаўына наразылық билдирген. Олар ҳәзири ўақытта айына 644 евроны қурайтуғын ең кем мийнет ҳақыны көтериўди, сондай-ақ, күнделикли турмыслық товарлардың баҳасына мәмлекетлик қадағалаў орнатыўды талап етти.
Соны да айта кетиў керек, мәмлекеттиң Миллий уйымының мағлыўматына қарағанда, августта Чехиядағы баҳаның өсиўи жыллық 17,2 процентти қурады. Оператив илаж ретинде ҳүкимет ноябрь айынан үй шарўашылығы менен киши кәсип орынлар ушын электр энергиясына және газ баҳасына шеклеў қойылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги