Қытай ҳүкимети Тайвань атаўының тыныш жол менен ҚХР қурамына кириўин тәмиийнлеў ушын «бир мәмлекет – еки система» сиясатын избе-из алып барады, сепаратистлер ҳәм сыртқы күшлердиң процесске араласыўына қатаң қарсы шығады. Қытай сыртқы ислер министрлигиниң баспасөз хаткери Мао Нин америкалы исбилермен Илон Масктиң атаўды Гонконг сыяқлы арнаўлы административлик аймаққа айландырыў ҳаққындағы соңғы билдириўине түсиник берип, былай деди.
«Тайвань елимиздиң ишки сиясий машқалаларынан бири. Биз буннан кейин де «бир мәмлекет – еки система» принципине муўапық, тыныш жол менен бирлесиўге қаратылған фундаментал сиясатқа қатаң әмел етемиз» деген СИМ ўәкили.
Дипломатлардың сөзлерине қарағанда, Пекин Тайвань мәселесинде «анық ҳәм өзгермес позиция»ны тутады. Қытай атаўдың ғәрезсизлигине ериспекши болған сепаратистлердиң әмеллерине шек қойыў ушын қатаң ҳәрекет алып барады».
ӨзА