Телеграм мессенджери арқалы түрли канал ҳәм топарларда «Пуқараларға бир мәртелик материаллық жәрдем» деген рубрика астында хабарлар тарқатылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң рәсмий веб-сайты көринисинен пайдаланып тарқатылып атырған «Мәмлекетте жумыссызлық, сондай-ақ, көплеген социаллық машқалалардың күшейгени себепли ҳәр бир шаңарақ ушын 400.000 сум муғдарында социаллық төлем» мазмунындағы хабарлар келсе, улыўма оларға исенбең. Бул хабарлар жалған, деп ескертпекте ИИМ Киберқәўипсизлик орайы.

Атап өтилиўинше, алдаўшылар (мошенники) пайдаланыўшылар арқалы телеграм мессенджерлеринде силтемени басқаларға тарқатыўға урынбақта.

«Абайлы болың, интернет алдаўшылардың дузағына түсип қалмаң», делинеди хабарда.

Қарақалпақстан хабар агентлиги