Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 6-март күни еки тәреплеме ведомстволараралық мәсләҳәтлесиўлер өткериў ушын елимизге әмелий сапар менен келген Россия Федерациясы қаржы министри Антон Силуановты қабыл етти.
Мәмлекетимиз басшысы мийманды шын жүректен қутлықлар екен, жоқары дәрежедеги турақлы ушырасыўлар ҳәм сөйлесиўлер, ерисилген келисимлер менен қабыл етилген шәртнамалардың әмелге асырылып атырғаны еллеримиз арасында стратегиялық шерикликти ҳәм аўқамласлық қатнасықларын, көп қырлы, соның ишинде, қаржы тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиўге хызмет етип атырғанын айрықша атап өтти.
Бүгинги күнде еки елдиң қаржы министрликлери арасында Өзбекстан Республикасы Президентиниң өткен жылы апрель айында Россия Федерациясына мәмлекетлик сапары ўақтында қол қойылған Бирге ислесиў ҳаққындағы меморандум шеңберинде тығыз өз-ара бирге ислесиў жолға қойылғаны кеўил толыўшылық пенен атап өтилди.
Ушырасыўда қаржы тараўындағы нәтийжели сөйлесиўди буннан былай да раўажландырыўдың перспективалары көрип шығылды.
Қаржы, салық ҳәм бажыхана уйымларын модернизациялаў, бюджетти режелестириў, жергиликли бюджетлердиң теңсалмақлылығына ерисиў, қаржыны қадағалаў бойынша нәтийжели механизмлерди жетилистириў ҳәм басқа да бағдарлар бойынша алдынғы тәжирийбе, технологиялар ҳәм билимлерди тартыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Қоспа жойбарларды қаржыландырыў, Россияның жетекши билимлендириў мәкемелери тийкарында тараў ушын жоқары маманлықтағы қәнигелерди таярлаў бағдарында бирге ислесиў имканиятлары додаланды.
Россия қаржы министри мәмлекетимиз басшысына шын жүректен қабыллаў ушын миннетдаршылық билдирип, Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин ҳәм ҳүкимети Баслығы Дмитрий Медведевтиң сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.
Антон Силуанов Россия еллеримиз арасында қаржы тараўындағы кең көлемли ҳәм өз-ара пайдалы әмелий бирге ислесиўди раўажландырыўдан ҳәм тереңлестириўден мәпдар, бул бағдардағы шерикшиликти даўам еттириўге таяр екенин билдирди.
ӨзА