Илимпаз Ҳ.Дәўжанов «Қарақалпақ топоним, антропоним ҳәм басқа да атамаларын орыс тилине транскрипциялаў мәселелери ҳаққында» мақаласында оқыўшыға ой саларлық бираз мәселелер сөз етиледи. Орыс тилине қарақалпақ тилиндеги көп қала ҳәм жер атамаларының надурыс транкрипцияланып қабыл етилип кеткени тил илиминдеги шәлкем-шалыслықлардың баршылық екенин билдиреди.

Айтайық, Нөкис сөзи орысшада Нукус болып кеткен. Себеби Нокис деўге тили келмейди-миш. Бирақ, АҚШтағы Нокс округын айтқанда тили айланады. Сондай-ақ, Әмиўдәрья сөзинде де орыс тилиниң тәсири менен жиңишкертиў белгиси «ь» қалып қойған. Болмаса Әмиўдәрия (и) болыўы керек ғой.

Былайша қарағанда әпиўайыдай көрингени менен бул мәселе миллий өзиншеликти белгилеўде үлкен әҳмийетке ийе. Тилге итибар елге итибар, деген.

Олай болса дыққатыңызды енди илимпаз Ҳәбийпназар Дәўжановтың мақаласына қаратамыз (ертеректе жазылған  мақала өзгертилместен берилмекте).

Е.Қанаатов

 

Қарақалпақ топоним, антропоним ҳәм басқа да атамаларын орыс тилине транскрипциялаў мәселелери ҳаққында

Бурынғы Кеңеслер аўқамы дәўиринде орыс тилине надурыс қабыл етилген қала ҳәм жер атамалары көпшилик тиллерде дүзетилди.  Мысалы, Алма-Ата, Ашхабат, Чимкент қалалары  Алматы, Ашхабад, Шымкент болып атала басланды.

Бирақ қарақалпақ тилинен орыс тилине надурыс қабыл етилген топонимлер ҳәм антропонимлер елеге шекем дыққаттан тыс қалмақта. Мысалы, Қоңырат, Қараөзек, Майжап атамалары Кунград, Караузяк, Май-яб түринде транскипцияланған. Булар Конрат, Май жап, Караозек түринде қабылланса орыс тили нызамларына қайшы келмейди. Биреўлер орыс тилинде олай айтылмайды деп ойлайды.  Бул надурыс. Орыс тилине басқа тиллерден кирген топонимлер ҳәм антропонимлер мысалы, Старый Конрат, Новый Конрат, Сары – Озек, Кара – Озек, Кызыл – Озек (топонимлер), Конрат (компания атамасы) ҳәм басқа да сөзлер тийкарғы тилдеги жазылыўынан жүдә өзгертилип қабыл етилмеген. Бир сөз бенен айтқанда олар орыс тилине қабыл етилгенде өзлериниң тийкарғы атамалары менен мәнилик байланысларын сақлап қалған. Олар қарақалпақ тилинен қабыл етилген сөзлердей Старый Кунград, Новый Кунград ямаса Сары-Узяк деп бурмаланбаған. Сол себепли олардың орыс тилинде болса да  «Қоңырат» ҳәм  «өзек» сөзлери менен байланысы бар екенлигин ап-аңсат билип аламыз.

Қарақалпақ тилинен орыс тилине көпшилик  антропонимлер де надурыс транскрипцияланған. Мысалы, Әўезов, Дәўқараев, Жийемуратов, Жумамуратов деген фамилиялар Авезов, Давкараев, Джемуратов, Джумамуратов түринде қабыл етилген. Булардың дурыс транскрипциясы Ауэзов, Даукараев, Жийемуратов, Жумамуратов болыўы керек. Орыс тилине өзге еллердиң сиясый ҳәм мәмлекетлик хызметкерлери, жазыўшы ҳәм шайырлары  Мухтар Ауэзов, Конрад Аденауэр, Жан Пол Сартр, Желио Желев, Жубанов Ахмет, Дауд Мухаммед, Даукантас Симонас ҳәм басқа да адамларының атлары бузылмай қабыл етилген. Оларды да Мухтар Авезов, Кунград Аденавэр, Джан Пол Сартр, Джелио Джелев, Джубанов Ахмет, Давуд Мухаммад, Давкантас Симонас деп айтпайды. Дәри атамасы «Даукарин» ди де Давкарин демейди.

Тил бойынша болып өткен конфренциялардың биринде бир илимпаз орыс тилинде Жоқары Кеңести айта алмайды сол ушын оны аўдарыўымыз керек екенлигин айтқан  еди. Орыс тилиниң өзинде «ж» ҳәрибиниң бар екенлигине ҳәм одан басланатуғын мыңлаған сөзлердиң де бар екенлигине кеўил  бөлиўимиз керек. Мысалы, олар жена, жемчуг, женщина сөзлерин Жуков, Журбин деген фамилияларды джена, джемчуг, дженщина, Джуков, Джурбин демейди ғой ақыры. Одан бетер, орыс тилине ҳәттеги орыс тилинде де бар атлар өзге тиллерден қабыл етилгенде оларды сол тилдеги айтылыўына барынша жақын қабыл етеди. Мысалы, William Saroyan Вильям Сароян түринде емес, ал Уильям Сароян  түринде қабыл етилген.

Жоқарыдағы кемшиликлерди дүзетиў кереклигиниң баслы себеби, ҳәр бир атама өзиниң келип шығыўына себепши болған сөз ямаса түсиник пенен  мәнилик ҳәм этимологиялық байланысын өзге тилге қабыл етилгеннен кейинде жойтпаўы керек. Мысалы, Қазақстандағы «Қоңырат» атамасындағы елатлар менен қарақалпақ қаласы Қоңырат атамасының тийкары бир урыў атамасы – «Қоңырат». Сол ушын Қоңырат қаласының аты орыс тилинде «Конрат» түринде жазылыўы керек, сонда ол өзиниң  келип шығыўына тийкар болған «Қоңырат» атамасы менен мәнилик байланысын сақлап турады. Қазақшадан «Конрат» түринде қабыл етилип сол байланысты сақлап қалған. Ал «Кунград» атамасы болса денотаты менен пүткиллей байланысты үзген атама ҳәм ол орысша ишинде «град» сөзи бар Волгоград, Калининград, Ленинград сөзлери менен үнлесип пүткиллей орысша атамаға айналып кеткен.