Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 20-сентябрь күни Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон менен телефон арқалы сөйлести.

Еки мәмлекет жетекшилери жақында Тәжикстан-Қырғызстан шегарасында жүз берген қайғылы ўақыяларға байланыслы мәселелерди додалады. Мәмлекетимиз басшысы инсанлардың қурбан болғаны мүнәсибети менен терең қайғырыў менен кеўил билдирди. Жағдайды нормалластырыў бойынша келисимге ерисилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Самарқанд саммитиниң тийкарғы жуўмақлары ҳәм оның шеңберинде өткерилген еки тәреплеме ушырасыў бойынша пикир алысылды.

Жоқары дәрежедеги илажлар даўамында қабыл етилген, бәринен бурын, энергетика, санаат, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тармақларда кооперация жойбарларын таярлаўды жеделлестириў ҳәм алға қойыў бойынша қарарларды тез пурсатта әмелге асырыў әҳмийетли екени атап өтилди.

ӨзА