«Өзбекстан Республикасының Тиккелей инвестициялар қорының жумысын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Президент Пәрманы (ПП-215-санлы, 07.09.2022 ж.) қабыл етилди.

Пәрманға муўапық «Тиккелей инвестициялар қорының басқарыў компаниясы» акционерлик жәмийетиниң устав капиталы 100 миллион АҚШ доларына тең «Өзбекстан Республикасының Тиккелей инвестициялар қоры» ЖШЖ түриндеги инвестиция компаниясы сыпатында қайта дүзилди.

Инвестиция компаниясының устав капиталы 1 миллиард АҚШ долларына жеткериледи.

Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри Инвестиция компаниясының Бақлаў кеңесиниң баслығы есапланады.

Инвестиция компаниясы инвестицияларды төмендеги усыллар менен тартады:

  • кредит (қарыз) алыў ҳәм Инвестиция компаниясының устав капиталына инвесторлардың пул қаржыларын тартыў;
  • юридикалық тәреплерди шөлкемлестириў ямаса олардың устав фондларында (устав капиталында), соның ишинде, мүлк сатып алыў жолы менен қатнасыў;
  • ири институционаллық ҳәм стратегиялық инвесторлар менен бирге ислесиў орнатыў, соның ишинде, абырайлы халықаралық финанс орайларының юрисдикцияларынан пайдаланыў.

Қарақалпақстан хабар агентлиги