Өзбекстан Республикасы Президентиниң
пәрманы

Өзбекстан Республикасы ҳәм Әзербайжан Республикасы арасындағы әзелий дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын раўажландырыў, көп қырлы ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў, атап айтқанда, илим ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды әмелий мазмун және жаңа басламалар менен байытыў, еки мәмлекеттиң туўысқан халықлары арасындағы дослық қатнасықларын беккемлеўге қосып атырған мүнәсип үлеси ушын төмендегилер сыйлықлансын:

 

«Өзбекстан Республикасы халық артисти» ҳүрметли атағы менен

Маммадова Гулянақ Закир қызы – Р.Бейбутов атындағы Әзербайжан мәмлекетлик музыкалы театрының вокалисти

«Дўстлик» ордени менен

Мустафаев Шаҳин Мажид улы – Әзербайжан Миллий академиясының академик З.М.Бунядов атындағы шығыстаныў институтының бөлим баслығы, академик

Аскаров Рамиз Бахшали улы – Баку мәмлекетлик университети тюркология кафедрасының баслығы, профессор

Биннатова Алмас Қасым қызы – Әзербайжан Миллий илимлер академиясының Нызамий атындағы Әдебият институты «Әзербайжан – Түркменстан -Өзбекстан әдебий байланыслары» бөлиминиң баслығы

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти   Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 30-август