Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Елимиздиң экономикалық қүдиретин беккемлеў, барлық тараў ҳәм тармақларда реформаларды табыслы әмелге асырыў бағдарындағы көп жыллық жемисли мийнети, елимиздиң раўажланыўы ҳәм халқымыздың абаданлығын тәмийинлеў, Жаңа Өзбекстанның халықаралық көлемдеги абырайын арттырыўға қосқан мүнәсип үлеси, алдыңғы инновациялық технологияларды әмелиятқа енгизиў, заманагөй өндирислик қуўатлықларды жаратыў, аймақлардың инфраструктурасын жедел раўажландырыўдағы үлкен хызметлери, жәмийетимизде тынышлық-турақлылықты, миллетлер аралық татыўлықты қәстерлеп сақлаў, жас әўладты Ўатанға сүйиспеншилик ҳәм садықлық, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў жолындағы ибратлы жумысы және жәмийетлик турмысқа белсене қатнасқаны ушын төмендегилер сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

«Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен шарўа» ҳүрметли атағы менен

Нуримов Шалабай Арапбаевич – Қараөзек районындағы «Ермак» фермер хожалығының баслығы

«Меҳнат шуҳрати» ордени менен

Айтбаев Баҳадыр Юлдашович – «Үстирт излеў-бурғылаў басқармасы» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң бурғылаўшысы

«Дўстлик» ордени менен

Календеров Караматдин Қаражанович – Нөкис қалалық мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў бөлими баслығының орынбасары

Примбетов Аймурза Абилкаирович – Қанлыкөл районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасының автогрейдершиси

«Содиқ хизматлари учун» медалы менен

Ажиниязов Байполат Жолдасбаевич – «Үстирт геофизика экспедициясы» филиалының бас механиги

 «Жасорат» медалы менен

Бабаджанов Отабек Садуллаевич – Әмиўдәрья районындағы турмыслық техника оңлаў устасы

«Шуҳрат» медалы менен

(100 жастан асқанлар)

Бекбергенова Базар – Нөкис қаласы

 «Шуҳрат» медалы менен

Бекимбетова Клара Тулегеновна – Акционерлик коммерциялық Халық банки Тахтакөпир филиалының жетекши қәнигеси


Өзбекстан Республикасы

Президенти   Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы,

2022-жыл 29-август