Бурын сессияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси Баслығы Мурат Камаловтың денсаўлығы себепли ўәкиллик мүддетин алдыннан тоқтатыў ҳәм ийелеп турған лаўазымынан босатыў ҳаққындағы мүрәжаты көрип шығылып, Мурат Камаловтың ўәкиллик мүддетин алдыннан тоқтатыў ҳәм ийелеп турған лаўазымнан босатыў ҳаққында қарар қабыл етилген еди.

Аманбай Орынбаевтың кандидатурасын көрип шығыўдан алдын Президентимиз талабанның аймақты жедел раўажландырыў, халыққа мүнәсип турмыс шараятын жаратыў, бар машқалаларды шешиў бойынша режелерин ҳәм усынысларын тыңлаўды усыныс етти.

Талабан Қарақалпақстанда исбилерменликти жетилистириў, аграр тараўды раўажландырыў, санаат жойбарларын көбейтиў, инфраструктураны раўажландырыў, халықты социаллық қорғаў, билимлендириў ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы бар машқалаларды және оларды шешиў бойынша усынысларды билдирди. Президенттен бул режелерди толық әмелге асырыў ушын зәрүр болған ресурслар ажыратылыўында жәрдем сорады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги