Мәмлекетимиз басшысы кирис сөзинде «Инсан қәдири ушын» ийгиликли принцип тийкарындағы түпкиликли реформалар  Қарақалпақстанның ҳәр бир қала ҳәм районы, аўылына ҳәр бир шаңарағына кирип барыўын тәмийинлеў тийкарғы мақсетлерден бири екенин атап өтти.

«Мен Президент сыпатында 6 жыл даўамында басқа аймақларға салыстырғанда ең көп, яғный 9 мәрте усы сақаўатлы жерге келип, бул жердеги ақсақаллар, исбилерменлер, жаслар ўәкиллери менен көплеген сәўбетлесиўлер өткердим.

Усы дәўирде Қарақалпақстанды комплексли раўажландырыўға қаратылған 31 пәрман ҳәм қарарлар қабыл еттик.

Аймақта исбилерменлик субъектлериниң саны 2 есеге артты, дерлик 4,5 мың инвестициялық жойбарлар иске түсирилди.

Тек ғана усы жыл февральдағы сапар етиў шеңберинде аймақты ҳәр тәреплеме раўажландырыўға 1,5 триллион сум қаржы ажыраттық», деди Президент.

Қарақалпақстанда ишимлик суўы тәмийнаты 40 проценттен 68 процентке, мектепке шекемги билимлендириў менен қамтыў дәрежеси 32 проценттен 76 процентке, халықтың дәраматлары жан басына 2 есеге артыўына ерисилгени атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги