Қазақстан Республикасы билимлендириў министри Асхат Аймағамбетов мәмлекетте мектеплердиң жумыс форматын өзгертиў бойынша режелери ҳаққында айтып берди, деп жазбақта «Казинформ» агентлиги.

«Биз келеси жылдан баслап үш сменалы мектеплерден басқа, қалған барлық мектеплерди бес күнлик оқыў форматына өткериўди режелестирдик. Бул мектеп директорларына, муғаллимлерге ҳәм басқа да барлық хызметкерлерге тийисли болады. Бизиң пикиримизше, муғаллимлер шемби күни дем алыўы керек, олар сол күни шаңарағының қушағында болсын», – деди Асхат Аймағамбетов конференцияда. Оның сөзлерине қарағанда бул гәп мектеп директорлары менен директор орынбасарларына да тийисли.

«Бул жерде жаңа форматтың мийнет дем алысына тәсири барма, деген сораў пайда болыўы мүмкин. Жаңа формат мийнет дем алсына тәсир етпейди. Мийнет дем алысы 56 күн ҳәм ол өзгермейди», – деди министр.

Қарақалпақстан хабар агентлиги