Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң баспасөз хаткери Шерзод Асадов бүгин өткерилген брифингте атап өтти.

Брифингте мәмлекетимиз басшысының қатнасыўында өткен ҳәптеде болып өткен илажлар ҳәм усы ҳәптеде күтилип атырған әҳмийетли ўақыялар ҳаққында журналистлерге мағлыўмат берилди.

Атап өтилиўинше, басланған ҳәптеде илажлар көп болыўы күтилмекте. Соның ишинде, Ташкент қаласында Өзбекстан, Түркия ҳәм Әзербайжан сыртқы ислер, саўда ҳәм транспорт министрлериниң үш тәреплеме ушырасыўы болып өтеди. Бул форматтағы ушырасыў биринши мәрте болмақта.

Сөйлесиўлер күн тәртибинен регионлараралық бирге ислесиў, инвестиция, инновация ҳәм транспорт-коммуникация тараўларындағы байланысларды және де раўажландырыў мәселелери орын алған.

Президентимиз онда қатнасыў ушын мәмлекетимизге келетуғын Түркия сыртқы ислер министри Мехмет Човушоглу ҳәм Әзербайжан сыртқы ислер министри Жейхун Байрамовты қабыл етиўи режелестирилмекте.

Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы 28-июльден берли мәмлекетимизде болып турған Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Миллий азшылықлар мәселелери бойынша комиссары Қайрат Абдураҳмановты қабыллайды.

Буннан тысқары, ҳәпте даўамында мәмлекетимизди экономикалық-социаллық раўажландырыўға қаратылған мәжилис ҳәм додалаўлар өткериледи.

ӨзА