Бүгинги күнде исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў, салық ҳәкимшилигин ҳәм тараўдағы интерактив хызметлерди және де жетилистириў, сондай-ақ, қосымша қун салығы (ҚҚС) бойынша мәмлекетлик салық уйымлары тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

– Қосымша қун салығы бойынша исбилерменлик субъектлерине турақлы түрде жәрдем көрсетилмекте,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасының бөлим баслығы Х.Айманов. – Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 14-августтағы 489-санлы қарарына муўапық, жәми 791 қосымша қун салығы (ҚҚС) төлеўшилериниң жеке номерлерине 272,9 миллиард сумлық ҚҚС қайтарылып берилди.

Соннан, быйылғы жылдың биринши шереги даўамында 96 ҚҚС төлеўшилериниң жеке есап номерлерине 44,4 миллиард сумлық ҚҚС суммасы қайтарылып берилди.

Қайтарылып берилген ҚҚС суммалары кәрханалардың өз жумысларын және де раўажландырыўға, жаңадан жумыс орынларының ашылыўына ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеўге үлкен жәрдем бермекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.