Өзбекстан Республикасы Президентиниң  қарары

Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларда белсендилик көрсетип, өзиниң билим ҳәм таланты, умтылыўшаңлығы ҳәм интакерлиги, ҳадал ҳәм нәтийжели мийнети менен Ўатанымыз раўажланыўын арттырыў, Жаңа Өзбекстанды қурыў ҳәм оның халықаралық абырайын артырыўға мүнәсип үлес қосып киятырған жоқары мәнаўиятлы, еркин пикирлейтуғын, анық турмыслық позициясына, кең дүньяқарас ҳәм жоқары потенциалға ийе, халықтың мәпи ҳәм елдиң келешеги ушын жуўапкершиликти өз мойнына алатуғын пидайы ҳәм мәрт улларымызды мүнәсип хошаметлеў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик сыйлықлар ҳәм геральдика бойынша комиссияның Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының қәбилетли жигитлерин илим, билимлендириў, медицина, мәденият, әдебият, көркем өнер, спорт, өндирис, әскерий хызмет тараўлары ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларындағы жумысында ерискен айрықша жетискенликлери ушын «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықлаў ҳаққындағы усыныслары қосымшадағы дизимге муўапық мақуллансын.
  2. «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланғанларға сыйлық дипломлары ҳәм көкирек белгилери салтанатлы жағдайда тапсырылсын.
  3. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлық ийелериниң ҳәр бирине базалық есаплаў муғдарының 50 есеси муғдарында ақшалай сыйлық берилиўин тәмийинлесин.
  4. Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы ийелериниң ибратлы мийнети, олардың сийрек гезлесетуғын таланты ҳәм ерискен жетискенликлерин кеңнен сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
  5. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 28-июнь

***

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

2022-жыл 28-июньдағы ПҚ-297-санлы қарарына

қосымша

«Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланғанлардың

ДИЗИМИ

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

Қалбаев Арысланбек Базарбаевич – Нөкис қаласындағы Президент мектебиниң 11-класс оқыўшысы

Мамутов Шерзод Азаматович – Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 2-басқыш студенти