Жергиликли дәри-дәрмақлар базарын өзимизде ислеп шығарылған жоқары сапалы дәри-дәрмақлар менен толықтырыў, оларды терең қайта ислеў, республикамыздағы өндирис ҳәм ресурс потенциалынан комплексли және нәтийжели пайдаланыў тийкарында жаңа жумыс орынларын жаратыў, ең баслысы халқымыздың дәраматларын арттырыўда Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Нукус фарм», «Зомин-фарм», «Косонсой-фарм», «Сирдарё-фарм», «Бойсун-фарм», «Бўстонлиқ-фарм» ҳәм «Паркент-фарм» еркин экономикалық зоналарын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Пәрманы айрықша әҳмийетке ийе болды.

«Ўзфармсаноат» мәмлекетлик акционерлик концерни Қарақалпақстан Республикасы филиалының баслығы Худоёр Нарбаевтың билдириўинше, ғәрезлигимиздиң дәслепки жылларынан баслап фармацевтика санаатын раўажландырыў, халықты ҳәм емлеў-профилактика мәкемелерин өзимизде ислеп шығарылған сапалы ҳәм қәўипсиз дәри-дәрмақлар менен тәмийинлеў жолға қойылды. Биринши Президентимиз И.Кәримовтың пәрманы менен 1993-жылы «Өзбекистан фармацевтика санааты» («Ўзфармсаноат») мәмлекетлик акционерлик концерниниң шөлкемлестирилиўи тараўды буннан былайда раўажландырыў, сол арқалы халқымыздың саламатлығын беккемлеўде әҳмийетли қәдем болды. Ғәрезсизликке ерискен жыллары  фармацевтика санааты менен шуғылланатуғын 2 өндирислик кәрханасында бары-жоғы 20 түрге жақын дәри-дәрмақ ислеп шығарылып, 2  илим-изертлеў институты жумыс алып барған болса, бүгинги күни 130 дан зыят санаат кәрханасын өз ишине алыўшы миллий фармацевтика санааты тәрепинен ишки базарымыздың ярымын қаплайтуғын өним ислеп шығарып келинбекте. Тараўға байланыслы жигирмадан зыят нызам ҳүжжетлери, бир жүз жигирмадан зыят нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди. Тек өткен жылдың өзинде елимизде 120,9 миллион АҚШ доллары муғдарындағы 19 объект иске түсирилген болса, жергиликлестириў арқалы 495,4 миллиард сумлық өним ислеп шығарылды.

Деген менен, халқымызды ҳәм емлеў-профилактика мәкемелерин өзимизде ислеп шығарылған дәри-дәрмақлар және медициналық буйымлар менен тәмийинлеўде бир қатар машқалалардың бар екенлиги сыр емес. Елеге шекем көплеген антибиотиклер, дәри-дәрмақлар шеттен алып келинеди. Президентимиздиң жоқарыдағы пәрманы усы машқалаларды шешиўде, ишки базарымызды «Өзбекистанда ислеп шығарылған» белгиси астындағы дәри-дәрмақлар менен тәмийинлеўде, дәрилик өсимликлер шийки затын өзине тән тәбийғый шараятларда жетистириў ҳәм соңынан оны қайта ислеў, заманагөй фармацевтика өнимлерин ҳәм дәри-дәрмақларды ислеп шығарыўға шет ел ҳәм жергиликли инвесторлардың тиккелей инвестицияларын тартыўға хызмет етеди. Соның менен бирге, жергиликли шийки зат ҳәм дәрилик өсимликлер тийкарында дәри-дәрмақларды ислеп шығарыўды кеңейтиўдиң есабынан фармацевтика өнимлериниң жергиликлилестирилиўин тереңлестириў және кеңейтиў, сондай-ақ, оларды медицина әмелиятына кеңнен енгизиўде айрықша әҳмийетке ийе.

Бул бойынша белгиленген ўазыйпаларды орынлаў шеңберинде республикамызда кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Пәрманға муўапық, еркин экономикалық зоналар қатнасыўшылары тәрепинен тийисли инвестициялар киргизилгенде бир қатар салықлар менен мәжбүрий ажыратпалардан, сондай-ақ  елимизде ислеп шығарылмайтуғын, технологиялық әсбап-үскенелер, шийки зат және комплектлеўши буйымларды сырттан алып кириўде бажыхана төлемлеринен азат етилиўи исбилерменлеримизде айрықша қызығыўшылық оятпақта.

Бүгинги күни республикамызда усы бағдарда 28  жойбар бойынша жумыс алып барылмақта. Оларда тийкарынан дәрилик өсимликлерди егиў, оларды қайта ислеў, дәри-дәрмақ ҳәм биологиялық актив қосымшалар,  медициналық буйымлар ислеп шығарыў менен шуғылланып, мыңнан аслам жаңа жумыс орны шөлкемлестириледи.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң бул бойынша арнаўлы қарары менен жаңадан шөлкемлестирилип атырған «Нукус-фарм» еркин экономикалық зона аймағындағы өндирислик кәрханалар ушын Нөкис районы «Тақыркөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 50 гектар жер майданы, дәрилик өсимликлер шийки затын жетистириў бойынша плантациялар шөлкемлестириў менен шуғылланыўшыларға 1200 гектар егислик жер ажыратылып берилмекте.

Мәселен, еркин экономикалық зона қатнасыўшыларынан бири болған Мойнақ районындағы «Indabrus Nukus» ЖШЖ  фармацевтика саласында әҳмийетли болған боян ҳәм әдираспан өсимлигиниң тамырларын қайта ислеў менен шуғылланады. Бул еки жойбар ушын «Асакабанк» тен 650 мың АҚШ доллары муғдарында кредит ажыратыў белгиленген. Усы жылдың ақырына иске түсириў режелестирилип отырған жойбарлар  нәтийжесинде 80 жаңа жумыс орны шөлкемлестириледи. Буннан тысқары, Шымбай районындағы «Gulnaz-Aselya Farm» жеке меншик кәрханасында медициналық бинт және вата ислеп шығарылса, Беруний районындағы «Наўайы» жеке меншик кәрханасында республикамыз аймағында өсетуғын дәрилик өсимликлерден дәри-дәрмақ ислеп шығарыў жолға қойылады. Бундай мысалды көплеп келтириўге болады.

–Ҳақыйқатында да, бул пәрман фармацевтика өнимлерин ислеп шығаратуғын исбилерменлер ушын бир қатар жеңилликлер ҳәм қолайлықлар жаратып береди,-дейди  «Nukus Med Tex» қоспа кәрхана түриндеги жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы Ислам Рейимбаев. – Келеси жылы иске қосылатуғын кәрханамыза жылына 250 миллион дана медициналық шприц ислеп шығарылады. Нәтийжеде 200 жаңа жумыс орны жаратылады.

Президентимиздиң бул пәрманының қабыл етилиўи биринши гезекте халқымыздың саламатлығын беккемлеўи, ишки базарларымызды өзимизде ислеп шығарылған тәбийғый, соның менен бирге сапалы дәри-дәрмақлар және медициналық буйымлар менен  тәмийинлеў, республикамыздың санаат потенциалын раўажландырыў, усының нәтийжесинде көплеген жумыс орынларының шөлкемлестирилиўи менен де әҳмийетли.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.