Қәдирли Уллы Мәртебели мырза Баслық!

Ҳүрметли делегация басшылары!

Форумның барлық қатнасыўшыларын қутлықлаўдан оғада қуўанышлыман.

Кәсиплеслеримниң сөзлерине қанаатланыўшылық пенен қосыламан ҳәм Қытай Халық Республикасының Баслығы Уллы Мәртебели Си Цзиньпинге глобал раўажланыў мәселелери бойынша жоқары дәрежедеги сөйлесиўди өткериў басламасы ҳәм онда қатнасыўға мирәт еткени ушын терең миннетдаршылық билдиремен.

Бүгин «БРИКС плюс» форматындағы сөйлесиўдиң Турақлы раўажланыў күн тәртибин алға қойыўда инклюзив шериклик ушын зәрүр платформа сыпатында айрықша әҳмийетке ийе екени ҳаққында билдирилген пикир-усынысларға толық қосыламан.

Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!

Ҳәзирги дүнья бир қатар қәўипли процесслер менен өтип атырған терең трансформация дәўиринде жасамақта. Халықаралық кескинлик күн сайын күшеймекте ҳәм системалы экономикалық кризис белгилери көзге тасланбақта. Бундай шараятта биз Өзбекстанда «Инсан мәплери – ҳәмме нәрседен үстин» деген принцип тийкарында реформаларды әмелге асырыўды избе-из даўам еттирип атырмыз.

Жаңа Өзбекстанды қурыўдың тийкарғы баслы бағдарлары мәмлекетлик басқарыўды жетилистириў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм 2030-жылға барып халқы орташадан жоқары дәрамат алатуғын мәмлекетлер қатарынан орын алыў, инклюзив социаллық раўажланыўды тәмийинлеў, Орайлық Азия регионында жақсы қоңсышылық ҳәм турақлылықты беккемлеў болып есапланады.

Биз Турақлы раўажланыў мақсетлерине биргеликте ерисиў ушын кең көлемли халықаралық шерикликке, соның ишинде, «Қубла-Қубла» форматындағы бирге ислесиўге ашықпыз ҳәм бул жолға садықпыз.

Ҳүрметли делегациялар басшылары!

Жәҳән экономикасында бақланып атырған кризисли жағдайлар бүгин глобал саўда ҳәм инвестициялар системасы ушын тосқынлық жаратпақта.

Бундай шараятта:

тосқынлықларды сапластырыў ҳәм жаңа өндирис ҳәм саўда-логистика шынжырын жаратыў;

– санаат кооперациясы бойынша жойбарларға инвестициялар тартыў ҳәм инфраструктураларды модернизациялаў;

– технологиялар трансфери ҳәм инновацяиларды енгизиў, жасалма интеллект, санластырыў, биотехнологиялар, соның ишинде, вакциналар ислеп шығарыў тараўында бирге ислеўди және де тереңлестириў бойынша муўапықластырылған илажларды қабыл етиў әҳмийетли.

Қоспа жойбар ҳәм басламаларды биргеликте әмелге асырыў ушын турақлы бизнес сөйлесиў майданшасы – «БРИКС плюс» исбилермен топарлары форумын жолға қойыўды усыныс етемен.

Биз транспорт-коммуникациялар тараўындағы байланыслылықты күшейтиў ҳәм «Батыс-Қубла» ҳәм «Арқа-Шығыс» трансконтинентал бағдарларына регионымызды тартыў тәрепдарымыз.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң базарларда азық-аўқат өнимлериниң турақлы ҳәм ашық ҳәрекетин тәмийинлеў бойынша исенимли ҳәрекетлерге шақырған шақырығын қоллап-қуўатлаймыз. Онда дүнья аўыл хожалығы өндирисиниң елиў процентине шекемги бөлегиниң үлеси туўра келип атырған әне, усы БРИКС мәмлекетлери әҳмийетли роль атқарыўы зәрүр, деп есаплаймыз. Бул үлкен потенциалдан азық-аўқат өнимлерин жеткерип бериў ҳәм оннан пайдаланыўдың исенимли системаларын қәлиплестириў мақсетинде кооперацияны тереңлестириў ушын пайдаланыў зәрүр.

Бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарларынан бири – кәмбағыллықты қысқартыў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў тараўында бағдарламаларды әмелге асырыў болып есапланады.

Соны атап өтиўди қәлеймен, Қытайдың табыслы тәжирийбесинен пайдаланған ҳалда биз кейинги жыллары, ҳәттеки пандемия шараятында да, халқымыздың турмыс дәрежесин реал арттырыў ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаўды күшейтиў имканиятына ийе болдық.

Глобал процесслерди есапқа алған ҳалда климат өзгерислери бойынша көп тәреплеме бирге ислесиў және де әҳмийетли болып бармақта. Бул бағдарда шөллениўге қарсы гүресиў, биоҳәртүрлиликти сақлап қалыў, суў балансын тәмийинлеў, «жасыл экономика» тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў бойынша ҳәрекетлерди бирлестириўди усыныс етемиз.

Инсан капиталын раўажландырыўға зәрүр итибарды қаратпай турып инклюзив өсиўге ерисиў мүмкин емес. Биз Университетлер лигасы ҳәм Тармақлы университет сыяқлы БРИКС бағдарламаларында қатнасыўдан, сондай-ақ, профессионал тәлим ҳәм жаслар сиясаты тараўында бирге ислесиўди кеңейтиўден мәпдармыз.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

Өзбекстан Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң әмелдеги баслығы сыпатында шериклигимиздиң тийкарғы бағдарлары бойынша БРИКС ҳәм ШБШның өз-ара әмелий бирге ислесиў механизмлерин ислеп шығыўды усыныс етеди.

Сөзимниң жуўмағында «БРИКС плюс» түриндеги әмелдеги сөйлсеиўдиң өткерилиўи бизиң жедел түрде қәўип-қәтерлердиң алдын алыўға болған исенимли умтылысларымызды және бир мәрте көрсетип атырғанын атап өтиўди қәлер едим.

Бүгин билдирилген басламалардың әмелге асырылыўы глобал турақлылық ҳәм мәмлекетлеримиздиң жедел раўажланыўы жолында мүнәсип хызмет ететуғынына исенемен.

Итибарыңыз ушын рахмет.