Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 7-июньдағы «Ҳәр бир шаңарақ исбилермен» Мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде банктен жеңиллетилген кредит алып шаңарақлық исбилерменлигин гүрлеткен, гүллеткен инсанларды көрип ҳәўесиң келеди. Олардың тапқан табысы шаңарағы ҳәм халық мәпи ушын жетип атыр. Алған кредитин ақыл-парасат, есап-санақ ҳәм ҳүжданыйлық пенен ислетип дәраматына-дәрамат қосып атыр.

Төменде биз сөз етпекши болған инсанлар болса биле тура ғәрезли мақсетлерин иске асырыў жолында шуғыл ислерге қол урыўдан таймаған.

Хожели районы пуқарасы П.Ө өзиниң қарындасы Т.Пның атына рәсмийлестирилген «Oltin Davr Shams Shomanay» ЖШЖны рәсмий емес түрде басқарып келип, 2016-жылы усы жәмийетке «Халықбанк»и Шоманай филиалынан алынған жәми 2 миллиард 400 миллион сум кредит қарыздарлығы есабынан «Халықбанк»и Шоманай филиалы балансына өтип кеткен гиреўдеги, пуқара М.Аға тийисли болған Хожели районы А.Бегимов көшеси номерсиз жайда жайласқан, 2 дана дүкан имараты ҳәм өзине тийисли болған Хожели районы Муртазабий МПЖ Н.Кубра көшеси номерсиз жайда жайласқан 2 дана дүкан имаратын қайтарып алыў мақсетинде ғәрезли реже дүзип, танысы Қ.Рға «Mansur-Jasur Xojeli» ЖШЖны, өмирлик жолдасы А.Дның атына «Perdebay ata Xojeli» ЖШЖ ҳәм танысы Қ.Мның атына «Sultanbek Shams Xojeli» ЖШЖны, танысы Д.Оның атына «Jetker Xojeli» ЖШЖны шөлкемлестирип, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 7-июньдағы «Ҳәр бир шаңарақ исбилермен» Мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде исбилерменлик пенен шуғылланыў ҳәм жаңадан жумыс орынларын жаратыўды өзине нықап қылып, жеңиллетилген кредит алыўды сораған арзаларға жоқарыда атап өтилген шахсларға қол қойдырып, ҳүжжетлери менен бирге «Халықбанк»и Хожели филиалына тапсырған.

Буннан соң О.П. «Oltin Davr Shams Shomanay» ЖШЖның кредит қарызы есабынан «Халықбанк»и Шоманай филиалы балансына өткерилген 4 дана имаратларды сатып алыў ушын, «Халықбанк»и Шоманай филиалы менен «Mansur-Jasur Xojeli» ЖШЖ арасында, «Jetker Xojeli» ЖШЖ арасында, «Sultanbek Shams Xojeli» ЖШЖ арасында ҳәм «Perdebay ata Xojeli» ЖШЖ ортасында алды-сатты шәртнамасы дүзилиўине ҳәм Өзбекстан Республикасы Орайлық банки Басқармасының 2018-жыл 8-июньдағы 20/1-санлы қарары менен тастыйықланған Режениң 13-бәнтинде көрсетилген ҳүжжетлерди жеке өзи «Халықбанк»и Хожели филиалына усынып, усы имаратларды сатып алыў ушын жәми 765.000.000 сум жеңиллетилген кредит қаржылары ажыратылыўына ерисип, усы имаратларды қолға киргизеди. О.П Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 7-июньдағы «Ҳәр бир шаңарақ исбилермен» Мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде банк пенен дүзилген кредит шәртлерине әмел етпестен, өзиниң жынайый режесин әмелге асырыў мақсетинде усы сатып алынған дүкан ҳәм ҳәкимшилик имаратларда бизнес режелеринде көрсетилген исбилерменлик жумысын улыўма шөлкемлестирместен, «Mansur-Jasur Xojeli» ЖШЖ тәрепинен сатып алынған Хожели районы Н.Кубро көшесинде жайласқан 1 қабатлы имарат ҳәм «Jetker Xojeli» ЖШЖ тәрепинен сатып алынған Хожели районы Н.Кубро көшесинде жайласқан 2 қабатлы имаратты басқа исбилерменлик субъектлерине ижараға берип ҳәм «Perdebay ata Xojeli» ЖШЖ тәрепинен сатып алынған Хожели районы А.Бегимов көшесинде жайласқан 1 қабатлы имаратты ҳәм «Sultanbek Shams Xojeli» ЖШЖ тәрепинен сатып алынған Хожели районы А.Бегимов көшесинде жайласқан 1 қабатлы имаратты олардың ҳақыйқый ийеси болған пуқара А.Мның атына алды-сатты шәртнамасы тийкарында рәсмийлестирилип берилип, жәми 765.000.000 сумлық жүдә көп муғдардағы бюджет қаржыларын өзлестириў жолы менен талан-тараж еткен.

Солай етип, О.П өзиниң жоқарыдағы ҳәрекетлери менен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 167-статьясы 3-бөлими «а» бәнтинде нәзерде тутылған жынаятты келтирип шығарған.

Қулласы, О.Пның ғәрезли мақсетлериниң иске асыўында сол ўақыттағы «Халықбанк»и Хожели филиалы басқарыўшысы лаўазымында ислеп келген А.Мның, мониторинг бөлими  бас қәнигеси А.Ш. тәрепинен усы жәмийетлердиң баслықлары менен сәўбет өткерилгени ҳаққындағы қәлбеки сәўбет баянламасы дүзилиўине, дәслепки мониторинг ислерин өткермеген. Жоқарыда келтирип өтилген ЖШЖ ларға «Халықбанк»и Хожели филиалында буйрық тийкарында ислемейтуғын «Халықбанк»и Шоманай филиалы хызметкери Б.А тәрепинен ҳүжжетлерди таярлап берип өз үлеслерин қосқан.

«Қазаншының ерки бар қайдан қулақ шығарса» мәнисинде ис көрген айыпкерлер суд тәрепинен өз жазасын алып, келтирилген зыян өз ўақтында қапланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги