Бүгин социаллық тармақларымызда мағлыўматты тарқатыўшылардың көплиги соншелли, олардың ҳақыйқатқа қаншелли жақын яки бөрттирип жазылғанлығына да итибарлы болыўымыз зәрүр. Ҳәзирги ўақытта елдиң тынышлығын бузып, аўызбиршиликгин, берекетин ыдыратыўда қолға қурал алыў шәрт емес. Бузғыншы идеяларды интернет тармақлары арқалы тарқатып, жасларды, соның ишинде сәл ийи бослаў инсанларды қатарына қосып алып атырған бузғыншы топарлар жүдә көп.
Усы жылы январь айында ҚР ИИБ ТЭҚГБ, Нөкис қалалық ИИО ЖМБ ТЭҚГТ ҳәм ӨзР МХХ ҚР басқармасы хызметкерлери тәрепинен өткерилген оператив илаж даўамында ҳуқықбузар К.Кның «Vivo Y31» қол телефонында «Ғийбат қилма» атамасындағы топарға қосылып Муратжон домланың ҳәр түрли лекцияларын тарқатып келгенлиги ҳәм «You Tube» социаллық тармағында Мухаммад Хоблосқа тийисли болған видео роликлерге лайк басып тарқатып келгенлиги анықланған. К.Кның «Vivo Y31» уялы телефоны айғақлы зат ретинде алынып Нөкис қалалық ИИО ЖМБның айғақлы затларды сақлаў ханасында ўақтынша сақлаў ушын тапсырылған.
Ҳуқықбузар К.К Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң 1842-статьясында нәзерде тутылған ҳуқықбузарлықты ислеген.
Суд мәжилисинде К.К айыбын толық мойынлап, қылған исинен пушайман екенлигин ҳәм ислеген иси ҳуқықбузарлық екенлигин билмегенлигин, енди қайталамайтуғынлығын, кеширим сорайтуғынлығын айтып, өзине жеңиллик бериўди сорап көрсетпе берди. Ҳуқықбузар К.Кның айыбы суд мәжилисинде берген көрсетпесинен тысқары түсиник хатлар ҳәм истеги топланған басқада ҳүжжет жыйындысы менен толық тастыйықланады. К.Кға жаза таярланғанда оның ислеген исине пушайманлығы, ўақтынша жумыссызлығын итибарға алып айыбын жеңиллестириўши талапларды есапқа алып ҲЖҳКниң 33-статьясын қолланып, усы статья санкциясы шеңберинде нәзерде тутылған ең кем жәрийма жазасынан да кемирек жәрийма жазасын тайынлаўды, соның менен бирге, Нөкис қалалық ИИО ЖМБның айғақлы затларды сақлаў ханасында ўақтынша сақланып турған «Vivo Y31» уялы телефонын форматланған ҳалда тийисли тәртипте жоқ етиўди лазым тапты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги