Рюдигер: «Мен «Реал» ҳәм «Челси»ди таңладым»

«Реал Мадрид»тиң жаңа футболшысы Антонио Рюдигер Мадрид клубына өткеннен соң өз тәсирлери менен ортақласты.

«Мен ушын жаңа бөлим басланды. Әлбетте, бул мен ушын үлкен қәдем. Итимал, мениң ҳәрекетимдеги ең зәрүри. Мен «Реал» ҳәм «Челси»ди таңладым. Бул жерге көшип өтиўге қарар еттим, себеби бул клубтан ҳәр күни де шақырыў бола бермейди», -дейди Рюдигер

Далот: «Роналду ҳақыйқый машина»

Диаго Далот Криштиану Роналду ҳаққында айтты. Оның пикиринше, Роналду ҳақыйқый машина.

«Оның статистикасы ҳайран қаларлық. Бул ҳақыйқый машина. Мен оны усындай етип шақырыўды жақсы көремен. Оның ҳәрекети тәсирли. Ол бизге көп нәрсени берди ҳәм буннан көбирек бериўге де таяр. Мен футболшының бул жерде және узақ жыллар қалыўын қәлеймен», – дейди Диаго клуб сайтына берген интервюинде.

 

(Футболшының берген интервюинен қысқа таярланды)

Азизбек Дабылов,

ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 3-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги