Буннан еки ай бурын дүньяның айырым еллеринде тарқала баслаған нәмәлим инфекция балалардың баўырына зыян жеткерип, аўыр жағдайларды келтирип шығарып атырғаны ҳаққында хабар берилген еди.

Денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң басшысы Тедрос Гебреисустың кейинги билдириўине бола, ҳәзирги ўақытқа келип бул кеселликти жуқтырған ул-қызлардың саны 700 ден асқан. Ҳәзир инфекция анықланған мәмлекетлердиң саны 34 ти қурамақта.  Соның менен бирге, және 112 киши жастағы наўқас балаларда тексериўлер өткерилмекте.

Ең жаманы, бул қәўипли кеселлик аўыр ақыбетлерди келтирип шығармақта. Атап айтқанда, 10 бала инфекция ақыбетинде қайтыс болды, 8 бала болса баўыр трансплантациясына мүтәж. ЖДСШ бас директорының атап өтиўинше, кеселлик буннан да кең түрде тарқалып үлгерген болыўы мүмкин.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги баспасөз хызметиниң атап өтиўинше, бул нәмәлим кеселлик сарғайыў, диарея ҳәм қарын аўырыўы сыяқлы улыўма белгилер менен белги бермекте. Айырым жағдайларда температура, тамақ аўырыўы, жөтел және асқазан ҳәм ишеклердиң аязлаўы сыяқлы ақыбетлерди де келтирип шығармақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги