Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 8-июньдеги қарары тийкарында «Балалардың денсаўлығына зыян келтиретуғын мәлимлемеден қорғаў бойынша экспертлерди аккредитациялаў» хызмети иске түсирилди.

Енди балалардың денсаўлығына зыян келтиретуғын мәлимлемеден қорғаў тараўының экспертлери аккредитациядан өтиў ушын электрон арза бериў имканиятына ийе болады.

Регламентке бола, арза бериўши мәмлекетлик хызметлер орайларына тиккелей ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (БИМХП) арқалы электрон мүрәжат етеди.

Талабанлар жоқары мағлыўматқа ийе, педагогика, жасқа байланыслы психология ҳәм физиология, балалар психиатриясы тараўларында билимге (диплом ямаса сертификатқа) ийе болыўы керек.

Сораўнама толтырылып, 7 күн мүддетте үйренип шығылады.

Хызметтен пайдаланыўда төлем өндирилмейди.

Аккредитациядан табыслы өткен экспертлерге гүўалық бериледи. Гүўалықтың әмел етиў мүддети – 5 жыл.

Қарақалпақстан хабар агентлиги