Нөкис районында халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламы ҳəм жас шаңарақлар ушын заманагөй үлгидеги барлық қолайлықларға ийе «Ақмаӊғыт» посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағынан  еки  5 қабаттан ибарат, 40 хожалық ушын арналған турақ жай қурып питкерилди.

Усы питкерилген жайларды тапсырыў салтанатына район ҳәкими О.Уснатдинов, сенатор Т.Мадумаров, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси комитетиниӊ баслықлары З, Ш.Отемисов ҳәм Д.Утамбетовлар қатнасты.

Онда сөзге шықканлар тәрепинен мәмлекетимизде Президентимиздиӊ басшылығында халықты социаллық жақтан қорғаў бойынша әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм өзгерислер кеӊ түрде айтып өтилди. Буннан соӊ илаж қатнасыўшылары усы турақ жайларда жаратылған шараятлар менен танысып, ишки шараят ҳәм қолайлықлары бойынша өзлериниӊ пикирлерин билдирди.

―Көп жыллардан берли жайға мүтәж болып жүр едик,-дейди усы таза жайлардыӊ бириниӊ ийеси Айзада Бақиева.―Мине бүгин усындай кеӊ қолайлықларға ийе өз үйимизге ийе болдық. Буныӊ ушын барлық басшыларымыз ҳәм қурылысшыларға рахмет айтамыз.

 

Мағлыўмат ушын айтып өтиўимиз керек,  улыўма баҳасы 6 млрд 139 млн сўм болған бул турақ жайлар «ХКМК-317» ЖШЖ ҳәм «Мах элит строй» ЖШЖ ныӊ қолы гүл қурылысшылары тәрепинен қурып питкерилди.

Адилбай Оразов,

Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы