Кеше футбол бойынша Европа Миллетлер лигасында 2-тур ойынлары болып өтти.

Олардыӊ биринде қоӊсылас Қазақстанныӊ сайланды командасы Словакияға сапар етип, майдан ийелерин 0-1 есабында жеӊип шығыўға миясар болды.

Ал, әмелдеги жәҳән чемпионы Франция болса, вице-чемпион Хорватия менен менен күш сынасып теӊбе-теӊ нәтийже көрсетти. Есап 1-1.

Сондай-ақ, Исландия да өз майданында Албанияны жеӊе алмады. 1-1. Молдовалы футболшылар болса, сапарда андорралы футболшылар менен 0-0 есабында ойнаўға мәжбүр болды.

Адилбай Оразов,

Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы