Бүгин халықаралық Велосипед күни. World Bicycle Day― Бирлескен Миллетлер шөлкеминиӊ 2018-жылдағы арнаўлы резолюциясы тийкарында қабыл етилген.

Экологиямыз ушын қәўипсиз ҳәм адам денсаўлығы ушын оғада пайдалы болған бул транспортты адамзат 200 жылдан бери пайдаланып келмекте.

Атап айтқанда, биринши еки дөӊгелекли велосипед Россияда Ефим Михеевич Артамонов тәрепинен ойлап табылып,  Уралдан Петербургқа шекем 10 км тезликте ҳәрекетленип, 1801-жылы император Александра I диӊ таж кийгизиў мәресиминде көпшиликке таныстырылған.

Ал, 1868-жылдыӊ 31-майынан бери болса, велоспорт бойынша жарыслар өткериле баслаған.

Адилбай Оразов,

Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы