Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 14-декабрьдеги қарары менен 2020-2025-жылларда китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў Миллий бағдарламасы тастыйықланып, ўазыйпалар белгиленип, онда ең дәслеп жаслардың руўхый-ағартыўшылық, көркем-эстетикалық талапларына жуўап беретуғын китапларды жоқары сапада баспадан шығарыў, баспаханалар ҳәм дөретиўшилердиң жумысларына жәрдем бериў, балалар ушын арналған әдебиятларды қоллап-қуўатлаў сыяқлы бир қатар илажлар белгиленди. Соның ишинде, китапқумарлықты раўажландырыў мақсетинде китапхана ҳәм мәлимлеме-ресурс орайларын заман талапларына бола раўажландырыў, китапханашы кадрлардың билим дәрежесин арттырыў ўазыйпалары да бар.

Биз Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы Республикалық балалар китапханасының директоры Зульфия  Сейтниязова менен сәўбетлесип, усы бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша қызықтырған сораўларымызға жуўап алдық.

– Зульфия Матеновна, Китапханаңыз ҳаққында мағлыўмат берсеңиз. Соңғы жылларда китапқумарлар ушын шараятлар қай дәрежеде жақсыланды деп ойлайсыз?

– Өзбекстан «Миллий тиклениўден – миллий раўажланыўға қарай» принципи тийкарында раўажланыўдың жаңа басқышына қәдем қойып атырған екен, Жаңа дәўирдиң талабы жәмийетимиз турмысында ийгиликли қәдирият ҳәм дәстүрлерди қәлиплестириўди талап етпекте. Атап айтқанда, халқымыздың, әсиресе, жас әўладтың руўхый-интеллектуаллық дәрежесин, санасын, дүньяға көзқарасын жоқарылатыўда, ана Ўатаны ҳәм халқына муҳаббат, садықлық сезими менен жасайтуғын бәркамал инсанды тәрбиялаўда китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў айрықша әҳмийетке ийе болып есапланады.

Китапханамыз әмелге асырылып атырған жаңаланыўлар, илажлар нәтийжесинде соңғы ўақытларда күннен-күнге заман талапларына сай шараятларға ийе болып бармақта.

Имаратта китап оқыўшыларға мөлшерленген 24 компьютер ханасы, 36 орынлық китап оқыўшыларға арналған оқыў залы, 50 орынлық конференцзал (мәжилислер залы), Wi-Fi  интернет зона орнатылған ҳәм үзликсиз интернет ислеп турыпты.

Ҳәзирги ўақытта китап фондымыз 72776 китапқа жетти. Соның, 11201 и балалар әдебияты, 46646 сы көркем әдебият ҳәм 14929 ы илим тараўларындағы әдебиятлар.

Усындай жетискенликлеримиз нәтийжесинде Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Республикалық Балалар китапханасы тәрепинен шөлкемлестирилген «Жылдың ең белсенди Балалар китапханасы» сораўнамасында китапханамыз биринши орынды ийелеп, жеңимпаз болды. Өткен жылы 23-декабрь күни Әндижан ўәлаятында өткерилген «Китапқумарлық фестивалы»нда 1-дәрежели диплом ҳәм 5 миллион сумлық ваучер менен сыйлықланды.

– Быйыл қандай жаңалықлар болды, китап оқыўға келиўшилер ҳаққында не айта аласыз?

– Дерлик ҳәр жылы китапхана таза инвентарьлар менен байытылып барылмақта. Ал быйыл инфокиоск, виртуал 3D очки, электрон табло, колонкалар менен тәмийинленди. Оқыўшыларымыз үлкен қолайлықларға ийе болып бармақта.

2022-жыл май айына шекем өткерилген илажлар даўамында китапханамызға саўғаға 100 ден аслам китап келип түсти. Қала ҳәм районлардағы мектеп оқыўшылары ҳәр күни китапханамызға саяхатқа келип китапханамыз бенен танысып бармақта.

2022-жыл январь айынан китапханамызға Нөкис қаласы ҳәм районлардан 163 саяхат шөлкемлестирилип оған төрт мыңға шамалас оқыўшылар қатнасты. Китапханамызға 1864 оқыўшы ағза болды.

– Жаслардың китап оқыўға қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде қандай илажлар әмелге асырылмақта?

– Китапханада тил үйрениўши оқыўшылар ушын инглиз тили дөгереги шөлкемлестирилген. «Инглиз» тили дөгерегинде 1-класстан 11-классқа шекемги оқыўшылар тил үйренип келмекте. Бүгинги күнде дөгерек оқыўшыларының саны 30 дан асты.

Ҳәр жылы барлық улыўма билим бериў мектеплеринде «Китап презентация», «Әдебият күнлери», «Китабым-қуяшым» илажлары, «Китап бизди бирлестиреди», «Перзентиме китап саўға етемен», «Китап сүйер миллет» ҳ.т.б. акциялар турақлы түрде кең жәмийетликтиң қатнасыўында өткерилип барылады.

Усы илажлар шеңберинде илимий-әмелий конференциялар, сәўбетлесиўлер, белгили балалар жазыўшы-шайырлары менен биргеликте дөретиўшилик ушырасыўлар, жаңа әдебиятлар көргизбелери, түрли онлайн таңлаўлар ҳәм викторина ойынлар өткериледи. Социаллық тармақлардағы телеграм бетлерде «Балалар китапханасы» рәсмий  каналы, инстаграмм, фейсбук бетлеринде китапханамызда өткерилген илажлар, жаңалықлар ҳаққында кең мағлыўматлар  сәўлелендирилип барылады. Инстаграмм ҳәм фейсбук бетлеринде 5000 нан аслам онлайн китап оқыўшыларымыз бар.

Буннан тысқары китап оқыўшылар ушын 2020-жылдан баслап балалар китапханасының социаллық тармағында «Виртуал китапхана» топары хызмет көрсетип келмекте. Бул топарда 10000 ға шамалас китап оқыўшылар электрон китапханамыздан пайдаланбақта. Халық билимлендириў системасында 700ден аслам мектеп китапханалары болып, бизиң китапханамыз усы мектеп китапханашылары ушын «Китапханашыларға методикалық жәрдем» топарын ашып онлайн методикалық жәрдем берип келеди.

  • Китап оқыған адам билимин арттырып, жақсы нәтийжелерге ериседи, деген пикирге мүнәсибетиңиз қандай?

– Шынында да, көплеген китапларды оқып, билимин арттырып атырған оқыўшы жасларымыз көплеген нәтийжелерге ериспекте. Китапқумар оқыўшыларымыз китап оқыў менен бирге, Өзбекстан Республикасы Балалар китапханасы тәрепинен өткерилип атырған онлайн таңлаўларға да қатнасып келмекте.

Мәселен, «Мен еситкен ертеклер» онлайн таңлаўына қатнасқан Хожели районындағы 4-санлы мектептиң 5-класс оқыўшысы Баймуратова Шахсәнем 3-орынды, Қараөзек районындағы 28-санлы мектептиң 6-класс оқыўшысы Миратдинов Бегис, Тақыятас районындағы 6-санлы мектептиң 5-класс оқыўшысы Еркинбаева Надира сертификат пенен сыйлықланып хошаметленди.

Ә.Наўайының 581 жыллығына арнап өткерилген онлайн таңлаўда Нөкис қаласындағы 44-санлы мектептиң «Арал қызлары» топары да қатнасып, сыйлы екинши орынды ийелеўге миясар болды.

Өзбек шайыры М.Юсуфтиң туўылғанына быйыл 68 жыл толыўы мүнәсибети менен өткерилген онлайн таңлаўда Төрткүл районындағы 45-санлы мектептен дүзилген «Лала кызғалдақ» топары сыйлы екинши орынды алыўға  миясар болды. Ал, Қарақалпақстан Республикасы Балалар китапханасы тәрепинен өткерилген «Бизлер әскер боламыз» онлайн таңлаўында Кегейли районындағы 19-санлы мектептиң 2-класс оқыўшысы Аманбаева Жансулыў 1-дәрежели, Кегейли районындағы 10-санлы мектептиң 4-класс оқыўшысы Жамалова Айсулыў 2-дәрежели, Хожели районындағы 4-санлы мектептиң 1-класс оқыўшысы Турғанбаева Айгүл 3-дәрежели диплом менен сыйлыкланды.

Балалардың бос ўақтын мазмунлы өткериў ҳәм дөретиўши жасларды қоллап-куўатлаў мақсетинде «Миллий балалар ойынлары» атамасында сүўрет салыў таңлаўы да өткерилди. Оған барлық район ҳәм қалалардағы мектеп оқыўшыларынан 100 ден аслам оқыўшы қатнасып, жеңимпазлар 1-2-3-дәрежели дипломлар сыйлықланды. Белсене қатнасқан оқыўшыларға мақтаў жарлықлары тапсырылды.

2021-2022-оқыў жылының жуўмағы  бойынша окыўшылардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, китап оқыў мәдениятын оқыўшылар арасында үгит-нәсиятлағаны ушын ҳәм китапқумарлықты арттырыўда өзлериниң салмақлы үлеслерин қосқан республикамыздың бир қатар мектеп китапханашылары китапханамыз тәрепинен ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды. Жыл даўамында китапқумарлар арасында «Ең белсенди китапханашы», «Ең китапқумар мектеп», «Ең китапқумар мәҳәлле»   номинациялары жәрияланып келинбекте.

Улыўмаластырып айтқанда, «Китап – билим булағы» деген сөздиң мәнисин түсинип, китап пенен дос болған ҳәр бир адам өмирде жақсы нәтийжелерге ерисе алады.

Ә.Жиемуратов сәўбетлести,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери