1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен орынларда басқалардың жәрдемине мүтәж, кем кеўил балалардың жағдайларынан хабар алыў мақсетинде тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлер тәрепинен бир қатар илажлар өткерилди.

Усы күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Т.Романов, Аўыл хожалығы министри З.Зиядуллаев ҳәм Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетиниң баслығы М.Қайпановлар  Хожели районындағы «Сарышүңгүл» аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан 1-санлы шаңарақлық балалар үйинен хабар алды.

Тәрбияшылар ҳәм балалар менен сәўбетлесип, ол жерде жаратылған шараятлар менен танысты.

Жаз мәўсими басланыўы менен күнниң ысып кетиўин есапқа алып, балалардың жасаў шараятларын еле де жақсылаў мақсетинде оларға кондиционер, байрам саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги