Шымбай районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 17-санлы мектеп жәмәәти «1 -июнь―Халықаралық балаларды қорғаў күни”н көтериӊки кейпиятта белгилеп өтти.
Атап айтқанда, мектепте “Бахытлы балалық” атамасында илаж өткерилип, онда педагогикалық жәмәәт тәрепинен кем тәмийленген 10 оқыўшы ҳәм үй шараятында билим алып атырған оқыўшыларға байрам саўғалары тапсырылды. Соӊынан 5-6-7-класс оқыўшылары арасында «Балалығым патшалығым» атамасында сүўретлеў таӊлаўы өткерилип, жеӊимпазлар ҳәм белсене қатнасқанлар Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.
Сондай-ақ, кем тәмийинленген шаңарақ перзентлери мектеп жәмәәтиниӊ қайырқомлығы менен Шымбай районы орайындағы “Голден парк”те дем алып, Өзбекстан қаҳарманы И.Юсуповтыӊ музейине саяхат етти.
Қулласы өткерилген илаж даўамында мектепте билим алып атырған ҳеш бир бала итибардан шетте қалмай, оларға ғамқорлық көрсетилди.
Жанар Алиева,
Шымбай районлық ХББға қараслы 17-санлы мектеп директоры.
Халық депутатлары Шымбай районлық Кеӊесиниӊ депутаты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги