1-июнь күни Президент Шавкат Мирзиёев жанында денсаўлық сақлаў тараўындағы ўазыйпалардың орынланыўы ҳәм келешектеги режелер көрип шығылды.

Ҳәммемизге белгили, быйыл 18-март күни мәмлекетимиз басшысы медицина хызметкерлери менен ашық сөйлесиў өткерген еди. Онда айтылған машқалалар ҳәм усыныслар тийкарында, заманагөй емлеў әмелиятларын қолланыў, медициналық хызметлерди халыққа жақынластырыў, тараў хызметкерлериниң айлық мийнет ҳақыларын арттырыў сыяқлы көплеген ўазыйпалар белгиленген еди.

Жылдың басынан берли орынларда 85 шаңарақлық пункт ҳәм поликлиникалар ашылыўы нәтийжесинде 700 мыңнан аслам халыққа медициналық хызметлер жақынласты. Аймақларда хирургия бағдарында қосымша 27 түрдеги, эндикринологияда 7, кардиологияда 14 түрдеги жоқары технологиялық операциялар енгизилди.

Өткен айларда Мәмлекетлик қамсызландырыў қорынан 25 мыңнан аслам жәрдемге мүтәж халыққа медициналық жәрдем көрсетилди. Қарақалпақстан, Жиззақ, Қашқадәрья, Наманган, Сурхандәрья ҳәм Ферғанада 87 мың халық мәнзилли медициналық тексериўден өткерилди. 1-июнь сәнесинен медицина хызметкерлериниң айлық мийнет ҳақысы 30 процентке шекем арттырылды.

Мәжилисте усындай әмелий жумыслар менен бирге гезектеги ўазыйпалар да додаланды.

– Инсан қәдири принципин инабатқа алып, кейинги жыллары медицина тараўында да көп пәрманлар ҳәм қарарлар қабыл еттик,-деди мәмлекетимиз басшысы. -Глобал сынақларға қарамастан, медицина хызметкерлериниң айлықларын көтериў илажларын көрдик. Ҳәмме жерде, ең шетки аўылда да система көриниўи керек. Ҳәр бир пуқараның денсаўлығы қадағалаўда болыўы керек.

Мәжилисте жуўапкерлер тараўда басқарыў ҳәм материаллық шараятларды жақсылаў, емлеў протоколларын өзгертиў, медициналық қамсызландырыў системасын кеңейтиў, медициналық билимлендириўди раўажландырыў бағдарлары бойынша мәлимлеме берди.

Бәринен бурын, басланғыш буўынға итибар қаратылып, усы жылдың ақырына шекем және 51 шаңарақлық пункт ҳәм поликлиникаларды иске қосыў, мың мәҳәлледе медициналық пунктлер шөлкемлестириў, халықты мәнзилли скринингтен өткериў ўазыйпалары белгиленди. Тез медициналық жәрдем сапасын жақсылаўға қаратылған жумыслардың барысы көрип шығылды.

Аймақлық емлеўханаларда жоқары технологиялық операциялар түрин 250 ге жеткериў, оның ушын олардағы медицина хызметкерлериниң маманлығын арттырыў, жаңадан жеңиллитилген емлеў системасын толық енгизиў бойынша көрсетпелер берилди.

Президентимиз тараўды санластырыў мәселесине айрықша тоқтап өтти. Бурын берилген тапсырмаға бола, медициналық мәкемелердиң бул бағдардағы инфраструктурасы жаңаланбақта. Аймақлардағы емлеўханалар компьютерлер менен тәмийинленип, локал тармаққа жалғанбақта. Халықаралық стандартлар тийкарында бирден-бир классификатор, реестр ҳәм мағлыўмат алмасыў бағдарламасы ислеп шығылмақта.

Мәжилисте денсаўлықты сақлаўдың барлық буўынларын басқышпа-басқыш санластырып, өз-ара байланыс, мәкемелерди заманагөй үскенелеў, төлемли хызметлердиң көлеми ҳәм түрлерин көбейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Быйыл 25-апрель күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2022-2026-жыллары аналықты ҳәм балалықты қорғаўды күшейтиў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди. Оған муўапық, 191 районлық ҳәм қалалық орайлық емлеўханаларында балалар реанимация бөлимлери, 208 көп тармақлы поликлиника ҳәм Ташкент қаласындағы 71 шаңарақлық поликлиникада балалар бөлимлери шөлкемлестирилди.

Мәмлекетимиз басшысы бундай бөлимлерди қалған районларда да ашыў, соның менен бирге, Акушерлик ҳәм гинекология, Халықтың репродуктивлик саламатлығы, сондай-ақ, Скрининг орайларының жумысын раўажландырыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Санитариялық-эпидемиологиялық системаны трансформациялаў, санитария қағыйдалары ҳәм стандартларын жаңалаў, жуқпалы кеселликлердиң алдын алыў бойынша да тапсырмалар берилди.

Денсаўлықты сақлаў министриниң ҳәр бир орынбасарына өзлери жуўапкер болған бағдарлар бойынша «жол карталары»н ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

ӨзА