Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Кейинги жыллары мәмлекетимизде барлық тараўларға заманагөй мәлимлеме технологияларын енгизиў арқалы оларды санластырыў, соның нәтийжесинде халыққа хызмет көрсетиў сапасын және де күшейтиў ҳәм бир қатар тараўлар ўәкиллериниң жумыс нәтийжелилигин арттырыў бойынша кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.

Ҳәзирги күнде бул бағдарда белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўдың системалылығы ҳәм избе-излигин тәмийинлеў, оның шеңберинде адвокатура жумысына мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў арқалы физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге юридикалық жәрдем көрсетиўди жаңа басқышқа алып шығыў зәрүрлиги бар.

Адвокатура жумысында артықша  шубалаңқылық, бюрократия және қағазпазлықты сапластырыў, оның жумысында судлар, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм басқа да мәмлекетлик уйымлар менен электрон ҳүжжетлер алмасыўын жолға қойыў мақсетинде, сондай-ақ, 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламасына муўапық:

  1. Төмендегилер адвокатура жумысына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиўдиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў ҳәм инсан факторын сапластырыў арқалы адвокатура институтының мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа структуралардан ғәрезсизлигин арттырыў;

адвокатлық жумысын әмелге асырыў ушын зәрүр болған мағлыўматлардың жеделлик пенен алыныўын тәмийинлеў мақсетинде адвокатура, суд ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары және басқа да мәмлекетлик уйымлар арасында электрон мағлыўмат алмасыўын нәтийжели жолға қойыў;

адвокатлар  тәрепинен арнаўлы мәлимлеме бағдарламасы арқалы физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге онлайн юридикалық жәрдем көрсетиў имканиятларын кеңейтиў;

адвокатура жумысы ушын зәрүр мәлимлеме системалары, мағлыўматлар базалары ҳәм басқа да программалық өнимлерди қәлиплестириў және оларда сақланатуғын мағлыўматлардың комплексли қорғалыўын ҳәм сырлылығын тәмийинлеў илажларын көриў.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2023-жыл 1-январьдан баслап:

а) адвокатлық жумысы менен шуғылланыў ҳуқықы ушын лицензия бериў, талабан тәрепинен маманлық имтиханын тапсырыўдың әмелдеги тәртиби сақланған ҳалда, «Лицензия» мәлимлеме системасы арқалы әмелге асырылады ҳәм рәсмийлестирилип барылады.

Онда:

талабанның  маманлық имтиханын табыслы тапсырғанлығы ҳаққындағы қарар ҳәм тийисли ҳүжжетлер «Лицензия» мәлимлеме порталы арқалы рәсмйилестириледи ҳәм адвокатлардың электрон реестрине киргизиледи;

маманлық имтиханын табыслы тапсырған талабанға адвокатлық лицензиясын алыў ушын тийисли әдиллик уйымына мүрәжат етпестен қәлеген ўақытта «Лицензия» мәлимлеме системасы арқалы алыў имканияты жаратылады;

лицензияның әмел етиўи тоқтатып турылған ямаса сапластырылған жағдайлар «Лицензия» мәлимлеме системасында автоматикалық түрде дизимге алынып барылады;

б) адвокатлық структураларын мәмлекетлик дизимнен өткериў, қайта дизимнен өткериў ҳәм сапластырыў Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы «бир айна» принципи тийкарында тек ғана электрон түрде әмелге асырылады.

Онда:

адвокатлық структураларын мәмлекетлик дизимнен өткериў (есапқа алыў), қайта дизимнен өткериў ҳәм сапластырыў (есаптан шығарыў) ушын зәрүр ҳүжжетлер электрон тәризде Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив  мәмлекетлик хызмет порталына киргизиледи;

адвокатлық структураларының шөлкемлестириў ҳүжжетлерин әдиллик уйымының мөри менен тастыйықлаў, «дизимнен өткерилген» белгисин қойыў әмелияты бийкар етилип, оларға QR-код ҳәм идентификация санларын бериў тәртиби енгизиледи;

адвокатлық структурасының атын дизимнен өткериўде бирдей ямаса уқсас атлардың жоқ екенлиги ҳаққындағы мағлыўмат онлайн тәризде алынады;

в) адвокатлық жумысын баслаўда маманлық имтиханын тапсырыў,  ушын лицензия алыў ҳәм адвокатлық бюросын мәмлекетлик дизимнен өткериў бойынша композит хызмет көрсетиў имканияты жаратылады.

Онда:

маманлық имтиханын тапсырыў ушын тийисли ҳүжжетлердиң қағаз түрин талабаннан алыў тәртиби бийкар етиледи ҳәм оларды электрон түрде жибериў әмелияты жолға қойылады;

адвокат статусына ийе болыўға талабанның белгиленген талапларға сәйкеслигин тексерген ҳалда имтихан ўақыты ҳәм орны ҳаққында электрон хабар бериў тәртиби енгизиледи;

адвокатлық гүўалығын арнаўлы QR-код қойылған ҳалда бериў тәртиби енгизилип, бул арқалы адвокаттың статусы ҳаққында мағлыўмат алыў имканияты жаратылады.

Әдиллик министрлиги (Р.Давлетов) үш ай мүддетте:

адвокатлық структураларын мәмлекетлик дизимнен өткериўдиң (есапқа алыўдың) әмелдеги тәртибин қайта көрип шықсын;

Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (Ш.Шерматов) менен биргеликте усы бәнтте нәзерде тутылған тәртипти нәзерде тутыўшы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын Министрлер Кабинетине киргизиў ҳәм зәрүр болған шөлкемлестириў-техникалық илажларды орынлаў илажларын көрсин.

  1. Әдиллик министрлигиниң 2023-жыл 1-январьдан пуқараларға юридикалық жәрдем көрсетиў процесслерин санластырыў, адвокатура тараўын судлар ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары және басқа да мәмлекетлик уйымлардың жумысы менен интеграциялаўды нәзерде тутатуғын «Юридикалық жәрдем» мәлимлеме системасын иске қосыў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

«Юридикалық жәрдем» мәлимлеме системасы шеңберинде:

адвокатлар электрон реестри ҳәм адвокатлардың жеке электрон кабинети  қәлиплстирилетуғыны;

адвокаттың жеке электрон кабинети арқалы физикалық ҳәм юридикалық тәреплер менен  онлайн сөйлесиў,  электрон санлы қолтаңбасынан пайдаланған ҳалда исеним билдириўши шахстың қәлеўине тийкарланып аралықтан турып юридикалық жәрдем көрсетиў ҳаққында онлайн келисимлер (шәртнамалар) дүзиў ҳәм онлайн юридикалық жәрдем көрсетиў имканияты жаратылатуғыны;

адвокатура, судлар, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм басқа да мәмлекетлик уйымлар арасында  электрон ҳүжжетлер алмасыўы жолға қойылатуғыны  (буннан нызам менен қорғалатуғын сырды пайда ететуғын мәлимлемелер кирмейди);

тергеўге шекем тексериўди әмелге асырыўшы уйымның лаўазымлы шахсы, сорастырыўшы, тергеўши, прокурор ямаса суд тәрепинен  тергеўге шекем тексериў, сорастырыў, тергеў ҳәрекетлери ямаса суд мәжилисиниң өткерилиўи ўақты ҳәм орны  ҳаққында адвокатқа электрон хабар бериў  имканиятының жаратылатуғыны;

адвокат сораўын электрон жибериў  ҳәм адвокат сораўы тийкарында юридикалық жәрдем көрсетиў ушын зәрүр болған ҳүжжетлерди электрон түрде бериў әмелиятының жолға қойылатуғыны;

адвокаттың өз арзасына бола  адвокатлық статусын тоқтатып турыў электрон түрде адвокат тәрепинен хабарнама бериў түринде әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

  1. 4. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2023-жыл 1-февральдан баслап:

а) адвокатлық структуралар тәрепинен адвокатларға белгили бир жумысты алып барыў ушын берилетуғын  дәстүрий түрдеги ордер (кейинги орынларда – ордер) статусына тең болған арнаўлы QR – код қойылған «Электрон адвокатлық ордери»н  бериў әмелияты жолға қойылады;

онда:

адвокатлық структурасы тәрепинен  исеним билдириўши шахс пенен дүзилген барлық шәртнамалардың тек ғана реквизитлери  (шәртнама саны ҳәм оның дүзилген сәнеси) тиккелей  «Юридикалық жәрдем» мәлимлеме системасына киргизиледи ҳәм бул  QR – код қойылған «Электрон адвокатлық ордери»н  алыў ушын тийкар болады;

адвокат сораў жиберилген мәмлекетлик уйым ямаса шөлкем, тийисли жумысты көрип шығып атырған суд ямаса ҳуқық қорғаўшы уйым тәрепинен  адвокаттың белгили бир жумысқа ўәкил екенлигин анықлаў альтернатив түрде  QR – код қойылған «Электрон адвокатлық ордери» арқалы да әмелге асырылыў имканияты жаратылады;

б) ордер альтернатив тийкарында  қағаз түринде рәсмийлестирилгенинде, бул ордер ҳаққындағы мағлыўматты «Юридикалық жәрдем» мәлимлеме системасына киргизиў  мәжбүрий болып есапланады;

в) адвокат сораўы түрине қойылған талаплар, соның ишинде, оған ордердиң көширме нусқасын қосымша етиў, ордерди дизимге алыў дәптерин жүргизиў  талаплары бийкар етиледи.

  1. «Юридикалық жәрдем» мәлимлеме системасының енгизилиўи мүнәсибети менен:

мәмлекет есабынан  адвокатларды жумысқа тартыў  инсан факторысыз, электрон тәртипте күтилмегенде таңлаў жолы менен анықланатуғыны;

адвокатлардың онлайн тәжирийбе арттырыўын шөлкемлестириў ҳәм тәжирийбе арттырғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди электрон түрде бериў  тәртибиниң енгизилетуғыны;

адвокатлық структураларынан  статистикалық мағлдыўматларды дәстүрий түрде жыйнаў бийкар етилип, статистикалық мағлыўматлар  автоматикалық  түрде улыўмаластырылатуғыны белгилеп қойылсын.

Әдиллик министрлиги (Р.Давлетов) Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (Ш.Шерматов) менен биргеликте 2023-жыл 1-январьға шекем «Юридикалық жәрдем» мәлимлеме системасы жумысының тәртиби ҳаққындағы  нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарының тастыйықланыўын,  бул системаның иске қосылыўын,  сондай-ақ, оның арнаўлы мобиль қосымшасының жаратылыўын тәмийинлесин.

Әдиллик министрлиги «Юридикалық жәрдем» мәлимлеме системасының басқа мәлимлеме коммуникация системалары менен  интеграцияланыўы, оның  үзликсиз ислеўи, мәлимлеме қәўипсизлигиниң тәмийинлениўи және адвокатлық сыры жәрияланбаўын тәмийинлеў ушын  жуўапкер мәмлекетлик басқарыў уйымы  етип белгиленсин.

  1. «Юридикалық жәрдем» мәлимлеме системасын иске қосыў, оған техникалық хызмет көрсетиў ҳәм оны қоллап-қуўатлаўға байланыслы қәрежетлер Әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелерин раўажландырыў қорының қаржылары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери менен  қадаған етилмеген басқа да дәреклер  есабынан қаржыландырылатуғынлығы белгилеп қойылсын.
  2. Әдиллик министрлиги Адвокатлар палатасы менен биргеликте 2022-жыл 1-ноябрьге шекем «Юридикалық жәрдем» мәлимлеме системасының енгизилиўи мүнәсибети менен адвокатлардың кәсиплик таярлығы ҳәм тәжирийбе арттырыў бағдарламаларына  адвокатлардың  санлы саўатлылығын ҳәм маманлығын арттырыў, оларды мәлимлеме технологиялары ҳәм мәлимлеме қәўипсизлиги  бойынша оқытыў мәселелерин киргизиў илажларын көрсин.
  3. Әдиллик министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип әдиллик министри Р.Қ.Давлетов белгиленсин.

Қарардың орынланыўы ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў  Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи  Б.Д.Исламовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                           Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 30-май