Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Фермер хожалықлары ҳәм ғәллешилик кластерлериниң материаллық мәпдарлығын арттырыў, ишки базарды бийдай ҳәм ун өнимлери менен үзликсиз тәмийинлеў, ғәллени мәмлекет мүтәжликлери ушын зәрүр көлемнен артық сатып алыўдан ўаз кешиў арқалы тараўдың инвестициялық тартымлылығын арттырыў мақсетинде:

  1. Аўыл хожалығы министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлериниң 2022-жылдың өниминен суўғарылатуғын майданлардың ҳәр гектарынан орташа 2,5 тоннадан жәми 2 550 мың тонна бийдайдың:

1 783,5 мың тоннасын товар бийдай мәмлекет ресурсы сыпатында және 266,5 мың тоннасын туқымгершилик ушын Қаржы министрлиги жанындағы Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қоры (кейинги орынларда – Қор) қаржылары есабынан сатып алыў;

500 мың тоннасын фермер хожалықлары ҳәм басқа да ғәлле жетистириўшилер (кейинги орынларда – бийдай жетистириўшилер) тәрепинен кейин ала биржа саўдаларында сатыў ушын Қордың коммерциялық ўәкилинде ўақтыншалық сақлаўға қабыл етиў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

  1. 2022-жылдың өними ушын;

а) «Өздәнөним» АК системасындағы кәрханалар товар бийдайды Қордың атынан бийдай жетистириўшилерден сатып алыў, сақлаў, сондай-ақ, қарыйдарларға жибериў илажларын әмелге асырыў бойынша коммерциялық ўәкили болып есапланатуғыны;

б) мәмлекет ресурсларына сатып алынған товар бийдай ушын төлемлер бийдай жетистириўшилерге коммерциялық ўәкил тәрепинен Қордың қаржылары есабынан төмендеги басқышларда әмелге асыралатуғыны;

дәслепки басқышта – Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленетуғын баҳаларда;

кейинги басқышта – биржада қәлиплескен орташа баҳадан (орташа котировкадан) келип шығып, бийдай жетистириўшилер менен толық қайта есап-санақ етилетуғыны;

в) бийдай жетистириўшилерден коммерциялық ўәкилде ўақтыншалық сақлаў ушын қабыл етилген товар бийдай 2022-жылдың июль-август айларында биржа саўдалары арқалы сатылатуғыны. Онда:

бийдайды тасыў (соның ишинде, ишки тасыў), қабыл етиў, сақлаў ҳәм қарыйдарларға жибериў қәрежетлери коммерциялық ўәкил ҳәм бийдай жетистириўшилер арасында дүзилген шәртнама шәртлеринен келип шығып, Қордың қаржылары есабынан қапланатуғыны;

бийдайды қабыл етиў, сақлаў ҳәм қарыйдарларға жибериў процесинде пайда болатуғын тәбийғый азайыў муғдары Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланған тәртип тийкарында есаптан шығарылатуғыны;

бийдайдың сапасы ҳәм сақланыўы бойынша қадағалаў Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық Қордың қаржылары есабынан сатып алынған ҳәм бийдай жетистириўшилерден ўақтыншалық сақлаў ушын қабыл етилген:

3 ҳәм оннан жоқары класслардағы бийдай – мүлкшилик түрине қарамастан, биржадан сатып алынған бийдайдың 75 процентинен аз болмаған муғдардағы унды биржа саўдалары арқалы сатыў миннетлемесин алған, ун ислеп шығарыў қуўатлықларына ийе болған исбилерменлик субъектлерине;

4 – ҳәм 5-класслардағы бийдай – барлық исбилерменлик субъектлерине Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланған график тийкарында биржа саўдалары арқалы ҳеш қандай шеклеўлерсиз сатылады.

Министрлер Кабинетине Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен келисилген усынысы тийкарында усы бәнтте нәзерде тутылған тәртипке өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ўәкиллиги берилсин.

Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги 2023-жыл 1-майға шекем  Министрлер Кабинетине усы бәнтте нәзерде тутылған тәртипти 2023-жылдың өними ушын сақлап қалыў ямаса биржа саўдаларын шеклеўлерсиз шөлкемлестириў бойынша усыныс киргизсин.

  1. Қаржы министрлиги «Өздәнөним» АК системасындағы кәрханаларға биржадан бийдай сатып алыў ушын револьвер кредитлерди қаржыландырыў мақсетинде Қордың қаржылары есабынан 800 миллиард сумға шекем коммерциялық банклерге Орайлық банктиң тийкарғы ставкасында ресурс жайластырылыўын тәмийинлесин.
  2. Әдиллик министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ҳәпте мүддетте бийдай жетистириўшилер тәрепинен жетистирилген бийдайды сатып алыў, ўақтыншалық сақлаўға қабыл етиў бойынша Қор ҳәм коммерциялық ўәкил арасында дүзилетуғын шәртнамалардың үлги жойбарларын ислеп шықсын ҳәм әмелиятқа енгизилиўин тәмийинлесин.
  3. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлериниң алыс, барыў қыйын болған ҳәм таўлы аймақларға ун ҳәм ун өнимлерин жеткерип бериў бойынша транспорт қәрежетлериниң 50 процентинен аспаған бөлегин жергиликли бюджетлердиң қосымша дәреклери есабынан қаплаў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
  4. Қор тәрепинен сатып алынатуғын ҳәм биржа саўдалары арқалы сатылатуғын бийдайдың есабын жүргизиў, қарыйдарлар менен өз-ара есап-санақларды әмелге асырыў мақсетинде Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң аймақлық басқармаларындағы штат бирликлерин қысқартыў есабынан Қорға қосымша 6 штат бирлиги ажыратылсын.
  5. Ғәллени сатып алыў ҳәм сатыўда жаңа системаның ашық-айдынлығы толық ҳәм әдил ислеп кетиўин, сондай-ақ, бийдай жетистириўшилердиң мәпдарлығын тәмийинлеў, ишки базарда ун ҳәм дән өнимлери баҳасының өсиўи ҳәм жетиспеўшилигиниң алдын алыў бойынша Республикалық штаб қосымшаға муўапық қурамда шөлкемлестирилсин.

Төмендегилер Республикалық штабтың (Н.Йўлдошев) тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

бийдайды жетистириў, қайта ислеў, сақлаў, реализациялаў ҳәм масақлы дән егинлери жетистирилиўин қаржыландырыў үстинен қадағалаў механизмин жетилистириў бойынша усыныс таярлаў;

ғәллени өз ўақтында жыйнап алыў, атыздан дән қабыл етиў шақапшаларына зая етпей алып келиў ҳәм график тийкарында биржа саўдаларына шығарыў жумысларын шөлкемлестириў;

жетиспеўшиликке жол қоймаў ҳәм баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў мақсетинде аймақтағы тутыныў талабы ушын зәрүр болған ун ҳәм ун өнимлерин республикамыздың басқа аймақларынан ҳәм шеттен алып келиў және «Өздәнөним» АК системасындағы кәрханалардың ислеп шығарыў көлемлериниң сақлап қалыныўын қадағалаў;

ғәллени тастыйықланған график тийкарында биржа саўдаларына шығарыў ҳәм төлемлердиң әмелге асырылыўы үстинен күнлик қадағалаў орнатыў;

ғәллени сатып алыў ҳәм сатыў бойынша жаңа система ашық-айдын, толық ҳәм әдил ислеп кетиўин және бийдай жетистириўшилердиң мәпдарлығын тәмийинлеў.

  1. Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм «Өздәнөним» АК мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте дәнди қабыл етиў ҳәм қоймаханалардан шығарыў процеси, сондай-ақ, Қор, коммерция ўәкили ҳәм бийдай жетистириўшилер арасындағы қаржы есап-санақлары тез ҳәм ашық әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде d-xarid.uz мәлимлеме системасын иске қоссын.
  2. Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте усы қарарда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын нәзерде тутатуғын қарарды ислеп шықсын.
  3. Қаржы министрлиги еки ай мүддетте мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип, аўыл хожалығы министри Ж.Ходжаев, қаржы министри Т.Ишметов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимлери белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары Ж.А.Қўчқоровқа ҳәм Ш.М.Ғаниевке жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ,
Ташкент қаласы,

2022-жыл 28-май