Ҳүрметли Садир Нургожаевич! Ҳүрметли делегация ағзалары!

Жоқары Евроазия экономикалық кеңеси мәжилисиниң барлық қатнасыўшыларын қутлықлағанымнан қуўанышлыман.

Кәсиплеслеримниң сөзлерине қосылған ҳалда ҳүрметли Садир Нургожаевичке усы ушырасыўымызды шөлкемлестиргени ушын миннетдаршылық билдирмекшимен.

Қырғызстанның ЕАЭАдағы басшылығы мәмлекетлеримиздиң Евроазия бирлеспеси шеңбериндеги көп қырлы бирге ислесиўин кеңейтиўге хызмет ететуғынына исенемен.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

Өзбекстан бақлаўшы мәмлекет сыпатында Евроазия экономикалық аўқамы менен шериклик қатнасықларын раўажландырыўды даўам еттирмекте. Бул бизге жүдә әҳмийетли бағдар, себеби ЕАЭА мәмлекетлери тәбийғый шериклер болып табылады.

Биргеликтеги ҳәрекетлер бенен пандемияның кери ақыбетлерин жумсартыў ҳәм мәмлекетлеримиздиң саўда-экономикалық бирге ислесиўинде унамлы пәтти тәмийинлеўге ерискенимиз бизди қуўандырады.

Атап айтқанда, Өзбекстанның бирлеспеге ағза мәмлекетлер менен товар алмасыў көлеми өткен жылдың жуўмақларына бола, 30 процентке, усы жылдың биринши төрт айында болса және 33 процентке артты.

ЕАЭА мәмлекетлеринен тартылып атырған инвестициялар жылына дерлик 25 процентке көбеймекте.

Соның менен бир қатарда, дүньяда жүз берип атырған жедел өзгерислер ҳәм кризисли ҳәдийселер мәмлекетимиздиң турақлылығына үлкен қәўип болып табылады.

Глобалласыў дәўири жаңа жәҳән тәртип-қағыйдаларының қәлиплесиў басқышына өтпекте.

Бурын бақланбаған көлемдеги шеклеў шараларыниң киргизилип, өним жеткерип бериўдиң логистикалық шынжырлары ҳәм кооперациялық байланыслар үзилип, шийки зат ҳәм азық-аўқат өнимлериниң баҳалары қымбатлап, социаллық кескинлик күшейип атырғанының гүўасы болып турмыз.

Жүзеге келген жағдайда улыўмалық ис-ҳәрекетлери менен бирге илажлар комплексин ислеп шығыў, әдеттегиден басқаша шешимлер табыў ҳәм шериклердиң стандарт емес механизмлеринен пайдаланыў әҳмийетли, деп есаплаймыз.

Бүгин саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў ушын қолайлы шараятларды қәлиплестириў ўазыйпасы ҳәр қашанғыдан да үлкен әҳмийетке ийе.

Өзбекстан ҳәм ЕАЭА мәмлекетлери арасындағы өз-ара саўдада техникалық тосқынлықларды сапластырыўды даўам еттириў ҳәм сертификатластырыўды тән алыў товарлардың базарларымызға кирип келиўин бираз жеңиллетиў имканиятын береди.

Усы мәниде, азық-аўқат  ҳәм шийки затты сыртқа шығарыў бойынша шеклеўлер Өзбекстанға енгизилмеўи мәселесинде бизди қоллап-қуўатлайтуғыныңызды нийет етемиз.

Сондай-ақ, биргеликте аўыл хожалығы егинлерин жетистириў ҳәм азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў арқалы агросанаат кооперациясын кеңейтиўди әҳмийетли, деп есаплаймыз.

Усы жумыслардың нәтийжелилигин арыттырыў ушын Агрокооперация бағдарламасын ислеп шығыўды усыныс етемиз.

Бул бағдарлама базарларымызды кепилликли толтырыў мақсетинде ЕАЭА мәмлекетлеринде дән ҳәм майлы егинлерди биргеликте жетилистириў және мийўе-овощ егинлерин, соның ишинде, олардың ерте писер сортларын Өзбекстанда жетистириў мәселелерин қамтып алыўы мүмкин. Ҳәзирги ўақытта  бағдарламаны әмелге асырыўға, биринши гезекте, мәмлекетлеримиз аймақларының потенциалын иске қосыў мақсетке муўапық.

Жаңа қәўип-қәтерлер альтернатив транспорт коридорларын буннан былай да раўажландырыў, Қубла ҳәм Шығыс жөнелислеринде транспорт байланысларын беккемлеўди талап етпекте.

Ең жақын ўақытта Азия-Тыныш океаны регионы базарларына шығыўға қосымша имканиятлар жарататуғын «Өзбекстан – Қырғызстан – Қытай» темир жолын қурыў жойбарын әмелге асырыўға кирисиўди режелестирип отырмыз. Бул жол «Шығыс – Батыс» бағдарындағы темир жол магистралының имканиятларын кеңейтеди.

Соның менен бир қатарда, биз Қубла Азияға ҳәм оның  2 миллиард тутыныўшыға ийе базарына шығыў ушын ең қысқа жолды тәмиийнлейтуғын Термизден Пакистанның Пешоварына шекем трансаўған темир жолын қурыў жойбарын әмелге асырыў бойынша ЕАЭАдағы шериклеримиз бенен бирге ислесиўге таярмыз.

Буннан тысқары, мәмлекетлеримиздиң инновациялық потенциалынан және де нәтийжели пайдаланыў және санаат коперациясының жаңа түрлерин, бәринен бурын, жоқары технологиялар тараўында раўажландырыўдың тәрепдарымыз.

Ташкент қаласында «ИННОПРОМ. Орайлық Азия»  халықаралық санаат көргизбесиниң өткерилгени бул бағдарда биринши әмелий қәдем болды. Оның жумысына бирлеспе мәмлекетлериниң мыңнан аслам компаниясы қатнасты. Биз бул әҳмийетли майданды буннан былай да кеңейтиў нийетиндемиз.

Сол мақсетте, бәринен бурын, химия, фармацевтика, машина қурылысы, үскене қурылысы, электроника тараўларында кооперациялық байанысларды хошаметлеў ҳәм жергиликлилесириўди тереңлестириў бойынша қоспа «Жол картасы»сын ислеп шығыўды усыныс етемиз.

Бунда жаңа компетенцияларды қәлиплестирип атырған илимий-изертлеў институтлары ҳәм технологиялық орайлардың имканиятларын иске қосыў әҳмийетли.

Мәмлекетлеримизде мийнет миграциясы ҳәм қәнигелер ҳәрекети менен байланыслы мәселелердиң әҳмийетлилиги артпақта.

ЕАЭАға ағза ҳәм бақлаўшы мәмлекетлер экономикаларының тез өзгерип атырған зәрүрликлерине муўапық мийнет ресурсларын нәтийжели тартыў имканиятын беретуғын зәрүр ҳүжжетлерди ҳәм жеңиллетилген тәртип-қағыйдаларды қабыл етиўди усыныс етемиз.

Пандемияның ақыбетлерин жеңип өтиў шараятында туризм тараўы экономикалық раўажланыўдың тәбийғый драйверине айланыўы мүмкин. Жыл басынан берли Өзбекстанға, биринши гезекте ЕАЭА мәмлекетлеринен туристлердиң ағымы арқалы сезилерли өсип атырғанын бақламақтамыз.

Усы жыл гүзде Өзбекстанда жетекши компанияларымыз Туризм индустриясын раўажландырыў форумын өткериўди усыныс етемиз.

Мәмлекетлеримиз арасындағы жолаўшы транспорты қатнаўын толық көлемде тиклеў мәселесин ислеп шығыў да әҳмийетли.

Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!

Сөзимниң жуўмағында Өзбекстанның Евроазия экономикалық аўқамы менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди избе-из раўажландырыўға умтылысы исенимли екенин және бир мәрте тастыйықламақшыман.

Бүгинги ушырасыў нәтийжелери  көп қырлы шерикликти буннан былай да беккемлеўге, мәмлекетлеримизде турақлы экономикалық раўажланыў ҳәм абаданлықты арттырыўға хызмет ететуғынына исенемен.

Итибарларыңыз ушын рахмет.