Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети юридика факультетинде «Пуқаралық жәмийетинде шахстың тәрбиясы ҳәм шаңарақ институтының әҳмийетли мәселелери» атамасында республикалық илимий-әмелий конференция болып өтти.

         Илажда Түркия, Беларусь мәмлекетлериниң илимпазлары менен бир қатарда жас илимпазлар, таяныш докторантлар, магистрлер ҳәм қәбилетли студентлер қатнасты.

Конференцияны өткериўден тийкарғы мақсет, елимизде шаңарақты раўажландырыўға глобал дәрежеде Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Турақлы раўажланыў мақсетлери шеңберинде, сондай-ақ, 2022-2026-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың жети әҳмийетли бағдары бойынша «Ҳәрекетлер стратегиясынан-Раўажланыў стратегиясына қарай» принципи тийкарында қаралады. Пуқаралық жәмийетинде шахс тәрбиясы ҳәм шаңарақ институтының әҳмийетли мәселелери, күшли ҳәм әдил пуқаралық жәмийетин қурыў бағдарында әмелге асырылып атырған реформаларды таллаў, социаллық шериклик ҳәм жәмийетлик қадағалаў механизмлериниң нәтийжелилигин арттырыў, оларды буннан былай да раўажландырыў бойынша усынысларды ислеп шығыў ушын илимий-әмелий майдан жаратыў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы  Пуқаралық жәмийетин раўажландырыў бойынша мәсләҳәт кеңесиниң нәтийжели жумысын тәмийинлеў ҳәм бул бағдарда олардың белсендилигин арттырыў болып табылады.

Конференция даўамында пуқаралық жәмийетинде шахс тәрбиясының теориялық-методологиялық мәселелери, бәркамал әўладты тәрбиялаўдың социаллық-сиясий, экономикалық ҳәм руўхый факторлары, Өзбекстанда әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық  инновациялар шаңарақ абаданлығының әҳмийетли факторы ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының шахс тәрбиясындағы тутқан орны атап өтилди.

Шөлкемлестириўшилер тәрепинен усы темада илимий жумыс пенен шуғылланыўға байланыслы бир қатар мәселелер, солардың қатарында миллий ҳәм сырт ел журналларында илимий мақалалар жәриялаў, тийисли тәртипте рәсмийлестириў ҳәм басып шығарыў, илимий ҳәм инновациялық жумыс бойынша түрли таңлаўлар, оларда қатнасыў тәртиби  ҳәм шәртлери туўралы кең түрде мағлыўмат берилди.

Илаж жуўмағында жас изертлеўшилер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

И.ЖОЛЛЫБЕКОВА,

ҚМУ дың «Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими» кафедрасының доценти

Қарақалпақстан хабар агентлиги.