Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының Контрабандаға қарсы гүресиў ҳәм бажыхана аудити бөлиминиң хызметкерлери тәрепинен нызамшылық талапларын шетлеп өтиўге гезектеги урыныў жағдайына шек қойылды.

 Әмелдеги нызамшылық талапларына муўапық темеки өнимлериниң импорты әмелге асырылғанда акциз маркалары менен белгилениўи нәзерде тутылған. Бөлим хызметкерлери тәрепинен оператив илаж даўамында пуқара сырт елде ислеп шығарылған  ҳәм акциз маркасы менен қадақланбаған жәми 300 қуты «ESSE CHANGE » темеки өнимин шәртли қарыйдарға 6 миллион 600 мың сумға сатып атырған ўақытта иркилди. Бул пуқараның жасаў орны көзден өткерилгенде, тасланды қутысына жасырылған және 200 қуты усындай темеки өними анықланды.

Бул жағдай бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен сорастырыў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы