Қарақалпақ мәмлекетлик университетине– 45 жыл
Жақында ғана жоқары оқыў орынларының абырайлы халықаралық рейтинги есапланған Times Hidger Education өзиниң 2022-жыл ушын Impact reytingi (THE Impact Rankings 2022) ҳәм AD Scientific Index reyting агентлигиниң Top Universities Ranking 2022 нәтийжелерин жәриялап, усы еки халықаралық рейтингтен университеттиң мүнәсип орын ийелеўи өзиниң 45 жыллығын белгилейин деп атырған жәмәәтимиз ушын айрықша жетискенлик болды.
Ҳақыйқатында да, университет республикамыздың илим ҳәм билимлендириў, тәлим ҳәм тәрбия тараўлары, мәнаўият, спорт ҳәм мәденият ошақларының бири сыпатында ғәрезсиз елимиздиң раўажланыўына хызмет етип келмекте. Әсиресе, жәмийеттиң тийкарғы жетекши күшлери есапланған жасларды жоқары интеллектуаллық қәбилетли, дүньяда ҳәм елимизде жүз берип атырған жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық өзгерислерге саналы қатнас жасай алатуғын мәнаўий дүньясы бай, жетик қәнигелер етип таярлаўда тийкарғы оқыў орынларының бири саналады.
Өзбекстанда Ташкент ҳәм Самарқанд мәмлекетлик университетлеринен кейин 1976-жылы өз алдына университет болып ашылыўы пүткил елимиздиң тарийхында үлкен ўақыя болды. Ол регионымыздағы илим ҳәм билимлендириў, мәденият, халық хожалығы ҳәм өндиристиң раўажланыўына түпкиликли тәсир жасады. Өзиниң 45 жыллық тарийхый хызмети дәўиринде университет Өзбекстан Республикасының жоқары оқыў орынлары арасында жетекши билим дәргайларының бирине айланды.
Университетте 2016-2017 оқыў жылында 49 бакалавр тәлим бағдары ҳәм 22 магистратура қәнигелиги болған болса, 2021-2022-оқыў жылына келип 67 бакалавр тәлим бағдары ҳәм 50 магистратура қәнигеликлеринде студентлер билим алмақта. Студентлер саны 2016-2017-оқыў жылында 8129 болса, ал 2021-2022 оқыў жылына келип билим алып атырған студентлер саны 25787 ге жетти. Жаңа қәнигеликлердиң ашылыўы мәмлекетимиздиң санаат флагманлары есапланған Қоңырат сода заводы, «Сүргил» газди қайта ислеў комплексине маман қәнигелерди таярлаў бағдарының бир буўыны есапланады.
Бүгинги күни университеттиң бас имараты ҳәм 2, 3, 4-санлы оқыў имараты, 3-санлы студентлер турақ жайы, Мәденият сарайы, Мәлимлеме-ресурс орайы, 1, 2-санлы студентлер турақ жайлары ҳәм Бердақ миллий музейи ири капитал оңлаў ҳәм реконструкциядан шығарылып, пайдаланыўға тапсырылды. Буннан тысқары усы жылдың 23-апрель сәнесинде 550 орынлы студентлер турар үйи пайдаланыўға тапсырылған болса, 2022-жылда студентлердиң турар үйи менен тәмийинлеў мақсетинде және усындай 600 орынға мөлшерленген еки студентлер турар үйи имараты қурылысы басланыў алдында турыпты. Сондай-ақ, студент-жасларды спорт пенен турақлы шуғылланыўы ушын оларды спортқа кең қамтып алыў мақсетинде 24х42м өлшемдеги спорт комплексиниң жаңадан қурылыўы мәмлекетимизде оқыў орынларына болған айрықша итибардың, жасларға жаратылып атырған кең имканиятлардың көриниси болып табылады.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев басшылығында 2020-жыл 31 январь күни илимди раўажландырыўға бағышлап өткерилген жыйналыста, геология тараўындағы илимий-изертлеў мәкемелерине сапар даўамында берилген тапсырмалар сондай-ақ, 5-санлы мәжилис протоколы ҳәм оған 1-қосымша ретинде тастыйықланған «Илим ғайраткерлери, академик ҳәм жас илимпазлардың усынысларын әмелге асырыў бойынша илажлар режеси»ниң 43-бәнтинде нәзерде тутылған тапсырмалар орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде университетимизде 2021 жылдың сентябрь айынан баслап баҳасы 2,5 миллиард сумнан артық болған “Биоэкологикялық изертлеўлер” илимий-изертлеў лабораториясы өз жумысын баслады ҳәм бүгинги күнде тараўдың қәнигеликлиги бойынша университет жас илимпазлары, докторантлар, таяныш докторантлар, стажёр изертлеўшилердиң, профессор-оқытыўшылар ҳәм изертлеўшилердиң усы лаборатория мүмкиншиликлеринен кең пайдаланған ҳалда Аралбойы регионындығы экология ҳәм қоршаған орталық қәўипсизлиги, аймақтың социаллық-экономикалық раўажланыўына тийисли нәтийжели илимий изертлеў жумысларын алып бармақта.
Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл
2-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз сегизинши сессиясында берилген тапсырмалар ҳәм кеңейтирилген тәризде өткерилген мәжилис протоколының 87-бәнтинде белгиленген ўазыйпалар орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 2022-2023 оқыў жылынан баслап университет жанында илимниң химия, химиялық технология, қурылыс ҳәм санаат технологиялары бағдарлары бойынша улыўма бахасы 10 миллиард сумнан артық болған «Химиялық технология» илимий изертлеў лабораториясы кластерин шөлкемлестириў нәзерде тутылған болып, ҳәзирги күнде бул кластер ушын зәрүр болған әсбап-үскенелер алып келинбекте.
Ҳәзирги күнде университетте жаслардың билим алыўы ушын барлық имканиятлар жаратылған. Заманагөй мәлимлеме технологиялары менен үскенеленген аудиториялар, лингафон бөлмелери, лабораториялар, бийпул интернет тармағына кириўши Wi-Fi зоналары, электрон китапхана, компьютер класслары, электрон доскалар ҳәм басқалар студентлер хызметинде.
Оқыў процесине Moodle системасы енгизилип, студентлердиң өз бетинше тәлим алыўына кең имканиятлар жаратылған. Университеттиң www.karsu.uz сайты Өзбекстан Республикасы жоқары оқыў орынлары сайтлары арасында жетекши орынды ийелеп турғанлығының өзи бул оқыў дәргайында оқыў процесинде мәлимлеме технологияларынан нәтийжели пайдаланып атырғанының дәлили есапланады.
Студент жасларға билим бериў менен бирге оларды руўхый кәмилликке тәрбиялаўда университеттиң «Ҳүрлиман» халық ансамбли 40 жылдан аслам ўақыттан берли хызмет етип киятыр. Ансамбль республикалық байрам кешелери ҳәм халықаралық фестивальларға қатнасып, миллий мәдениятымызды кең ен жайдырыўға үлес қосып келмекте. Көркем өнерге уқыплы, талантлы жаслардан қуралған «Жайҳун» студентлер театр студиясы Өзбекстан көлеминде өткерилген таңлаўларда жеңимпаз болып, университет абырайының артыўына үлес қоспақта. Миллий мәдениятымыз ҳәм руўхый қәдириятларымыздың тымсалы болған Бердақ миллий музейи тек университеттиң ғана емес, ал бүгинлиги елимиздиң мақтанышына айланды.
Студент жасларды елимизде жүз берип атырған өзгерислер, университет турмысындағы жаңалықлар, илимий-техникалық жетискенликлерден хабардар етиўде «Қарақалпақ университети» газетасы ҳәм Медиа орайы хызмет етпекте. Мәмлекет тәрепинен университетке, онда тәлим алып атырған жасларға жаратылып атырған кең имканиятлар өз нәтийжесин бермекте. Бул оқыў орнының жаслары арасынан Президент, Наўайы, Улығбек атындағы стипендиялары, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлығы, «Ниҳол» сыйлығының ийелери, республикалық, халықаралық таңлаўлардың жеңимпазлары, жәҳән ҳәм Азия чемпионлары жетилисип шықпақта.
Университет жәмәәти буннан былай да үлкен табысларды қолға киргизип, ғәрезсиз елимиздиң жарқын келешеги жолында хызмет етеди. 45 жыллық дәўирден соң Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети табыслы жоллары менен республикамыздың, соның менен бирге мәмлекетимиздиң илим ҳәм жоқары билим тарийхында өшпес из қалдырады.
Ахмед РЕЙМОВ,
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры, техника илимлериниң докторы, профессор.
Қарақалпақстан хабар агентлиги