Конституцияға өзгерислер киргизиў бойынша усынысларды қәлиплестириў ҳәм шөлкемлестириў илажларын әмелге асырыў бойынша Конституциялық комиссияның биринши мәжилиси болып өтти. Оған Конституциялық комиссияның ағзалары, экспертлер топары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Мәжилисте Конституциялық комиссияның алдына қойылған мақсет ҳәм ўазыйпалар, принциплер, конституциялық реформаларды әмелге асырыўға байланыслы илажларды көриў мәселелери додаланды.
Бүгин халқымыз ҳәм мәмлекетлик уйымлар, пуқаралық жәмийети институтлары турмысының барлық қатламларын еркинлестириў, Раўажланыў стратегиясында белгиленген уллы мақсетлерге ерисиў идеясы әтирапына бирлеспекте. Халқымыз барлық реформалардың орайында инсан факторы биринши орынға қойылған бир шараятта жасаў қаншелли бахыт екенин өз тәғдири мысалында сезбекте.
Көп миллетли мәмлекетимиз раўажланыўының ҳәзирги басқышында алға қойылып атырған мазмуны жағынан пүткиллей жаңа ўазыйпалар, Жаңа Өзбекстанның Раўажланыў стратегиясында сәўлеленген ийгиликли мақсетлер, үмит бағышлайтуғын умтылыслар соған сәйкес конституциялық-ҳуқықый мәкан жаратылыўын зәрүрлик етип қоймақта.
Президентимиз тәрепинен Өзбекстанда конституциялық реформаның бас идеялық илҳамландырыўшысы, тийкарғы басламашысы халқымыз екени атап өтилген.
Бас нызамымыздағы өзгерислер «Инсан қәдири ушын», «Жаңа Өзбекстан – социаллық мәмлекет» принципи тийкарында халқымыздың абаданлығын буннан былай да арттырыў, елимиздиң экономика тармақларын трансформациялаў ҳәм исбилерменликти жедел раўажландырыў, инсан ҳуқықлары менен мәплерин сөзсиз тәмийинлеўге қаратылған реформаларды исенимли даўам еттириў ушын беккем тийкар болатуғыны үлкен әҳмийетке ийе. Себеби, Жаңа Өзбекстанды жаратыў тийкарында конституциялық реформаларды әмелге асырыў Ўатанымыздың раўажланыўына, халқымыздың абаданлығын жаңа басқышқа көтериўге хызмет етеди.
Мәжилисте Өзбекстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша усынысларды қәлиплестириў және тийисли усынысларды ислеп шығыў бойынша басланған жумыслар додаланды.
Атап өтилгениндей, конституциялық реформаларды әмелге асырыўда «инсан – жәмийет – мәмлекет», «Жаңа Өзбекстан – социаллық мәмлекет» принциплерин, «Инсан мәплери – экономикалық реформалардың бас нормасы», «Жәмийет – реформалардың басламашысы» сыяқлы ийгиликли идеяларды Тийкарғы нызамымызда сәўлелендириў зәрүр.
Өткен дәўир ишинде Комиссияға илим, билимлендириў, мәденият, денсаўлықты сақлаў, туризм, аўыл хожалығы, экология, жеке мүлкти қорғаў, суд-ҳуқық ҳәм басқа да мәселелерге байланыслы көплеген усыныслар келип түскени атап өтилди.
Конституцияға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўге байланыслы усынысларды алыў, улыўмаластырыў, оларды қайта ислеў және белгиленген илажларды өз ўақтында әмелге асырыў жумысларының зәрүрлиги, әҳмийетлилиги ҳәм көлемин есапқа алған ҳалда Комиссия мәжилисинде топарлардың жумысы да көрип шығылды.
Мәжилисте Комиссия жумысын шөлкемлестириў, оның жанындағы жумысшы топарлардың қурамы ҳәм олардың ўазыйпаларын бөлистириў, Конституциямызға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўге қаратылған усынысларды алыў, улыўмаластырыў ҳәм оларға жуўап бериў бойынша жумысты шөлкемлестириў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Комиссия баспасөз хызметиниң медиа-режеси додаланды.
Ҳәзирги ўақытта Конституциялық комиссияның баспасөз хызмети, Комиссияның усыныслар менен ислесиў топары алдында әҳмийетли ўазыйпалар турғаны айтылып, илимий-изертлеў шөлкемлериниң, илимпазлар және қәнигелердиң усыныслары, экспертлердиң жуўмақлары, кең жәмийетшиликтен түсип атырған усыныслардың улыўмаластырылыўы бойынша әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды.
Сондай-ақ, Конституциялық комиссияның жумысына кең жәмийетшиликти тартыў, бул процессте халықтың барлық қатламының қатнасын тәмийинлеў, пуқаралардан келип түсип атырған усынысларды қәлиплестириў ҳәм шөлкемлестириў илажларын әмелге асырыў мәселесине айрықша итибар қаратылды.
Соның менен бирге комиссияның Баспасөз хызмети конституциялық реформалар ҳәм жаңалықлардың зәрүрлиги, үстинликлери және тийкарғы бағдарларын қарапайым пуқараға әпиўайы ҳәм түсиникли тилде жеткериў бойынша зәрүр илажларды көриў лазымлығы атап өтилди. Қала берсе, «Жәмийет – реформалар басламашысы» бас идеясы тийкарында жумыс алып баратуғын арнаўлы мәлимлеме платформасы ҳаққында мағлыўмат берилди.
Мәжилис жуўмағында Комиссияның жумысын нәтийжели жолға қойыў бойынша тийисли қарар қабыл етилди. Сондай-ақ, Конституциялық комиссияның ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлер ушын брифинги болып өтти.
ӨзА