Бүгинги күни Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеӊесинде 7 депутат өз жумысын алып бармақта . Бул депутатлар тәрепинен партияныӊ 2020-2024-жылларға мөлшерленген сайлаўалды бағдарламасында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша ислеп шығылған «Жол карта»сына муўапық бир қатар унамлы жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда «Машқала менен жүзбе-жүз» жойбары шеӊберинде партияныӊ жумысшы топар ағзалары тәрепинен 36 мәҳәлледе 300 ден аслам шаӊарақлардыӊ машқалалары үйренилип, олардан 100 ден аслам мүрәжатлар келип түскен ҳәм 31мәселе бойынша тийисли шөлкемлерге депутатлық сораўлар жиберилген. Соннан 10 машқала унамлы шешилип, 53 мәселеге ҳуқықый түсиниклер берилген.  Есабат дәўиринде «Бир айда бир жумыс орны» жойбары шеӊберинде жәми 2 адам жумысқа орналастырылған. Өткен 2021-жыл даўамында Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеӊеси депутатлық топары тәрепинен сессия мәжилислери күн тәртибине еки мәселе киргизилген.

Бүгин  Өзбекстан “Адолат” социал-демократиялық партиясы Нөкис қалалық Кеӊесиниӊ VII пленум мәжилиси болып өтти.

Оған партияныӊ Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Нөкис қалалық Кеӊеси ағзалары, қалалық Кеӊес депутатлары, партия белсендилери ҳәм ғалаба хабар қуралларыныӊ ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисте партияныӊ Сайлаўалды бағдарламасында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша партияныӊ Нөкис қалалық Кеӊесиниӊ 2021-жылдағы жумысы ҳәм  “Раўажланыў стратегиясы”нан келип шығып, 2022-жылда әмелге асырылатуғын жумыслары есабаты менен партия жумысына байланыслы мәселелер көрип шығылды.

Пленум мәжилисинде күн тәртибиндеги биринши мәселе бойынша  партияныӊ Нөкис қалалық Кеӊеси баслығы Расул Қудияровтыӊ баянаты тыӊланып, онда депутатлардыӊ жумыслары бойынша бир қанша сын пикирлер ортаға тасланды.

Буннан соӊ “Адолат” СДП Нөкис қалалық Кеӊеси депутатлық топары баслығы Улбосын Сейтжанова партия депутатлық топары тәрепинен 2021-жылда әмелге асырылған жумыслар ҳәм 2022-жылдағы әҳмийетли ўазыйпалар бойынша кеӊ түрде шығып сөйледи.

Пленум соӊында өткен дәўир ишинде партияныӊ халық арасындағы абырайын және де арттырыў ҳәм бул ислердеги белсендилиги ушын бир қатар депутатларға Ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

 Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы