ӨзбекстанРеспубликасы Президентиниң қарары
Мәмлекетимизде миллий спорт түрлери менен халық ойынларын (этноспорт) үгит-нәсиятлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў, балалар ҳәм жас өспиримлерди оларға кеңнен тартыў, халықаралық байланысларды күшейтиў мақсетинде, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 17-июньдеги ПҚ-5149-санлы қарарына муўапық:
- Төмендегилер:
Этноспорт түрлерин 2025-жылға шекем ғалаба ен жайдырыў ҳәм раўажландырыў бағдарламасы 1-қосымшаға муўапық;
Этноспорт түрлерин 2025-жылға шекем ғалаба ен жайдырыў ҳәм раўажландырыў бағдарламасын 2022-2023-жылларда әмелге асырыў бойынша «жол картасы» 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Этноспорт түрлерин 2025-жылға шекем ғалаба ен жайдырыў ҳәм раўажландырыў бағдарламасы ерисилген нәтийжелер ҳәм мақсетли көрсеткишлер бойынша тийисли дәўирге мөлшерленген тийкарғы бағдарлардан келип шығып, Министрлер Кабинетиниң қарары менен ҳәр жылы тийисли жыл ушын тастыйықланатуғын «жол картасы» тийкарында басқышпа-басқыш әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 11-апрельдеги «Мәҳәллелерде жасларды ғалабалық спортқа тартыўды жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-201-санлы қарары менен 2023-жыл 1-марттан баслап миллий спорт түрлери бойынша үш басқышлы улыўма республикалық спорт жарысларын өткериў системасының енгизилгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Министрлер Кабинети жанындағы Халық саламатлығы миллий кеңеси (А.Н.Арипов):
бир ай мүддетте ғалабалық спорт жарыслары шөлкемлестирилетуғын этноспорт түрлериниң дизимин тастыйықласын;
2023-жылғы спорт ҳәм ғалабалық денетәрбия илажларының календарь режесинде этноспорт түрлери бойынша жарысларды өткериў ушын зәрүр қаржылардың көбейтилиўи ҳәм ажыратылыўын тәмийинлесин;
2023-жылғы спорт ҳәм ғалабалық денетәрбия илажларының календарь режесине муўапық, этноспорт түрлери бойынша жарыслар өткерилиўин тәмийинлесин;
зәрүр жағдайларда, өз алдына этноспорт түрин раўажландырыў мақсетинде спорт федерация (ассоциация)ларын шөлкемлестириў илажларын көрсин;
балалар ҳәм жас өспиримлер және жасларды этноспорт түрлерине тартыў, соның ишинде, Этноспорт түрлерин 2025-жылға шекем ғалаба ен жайдырыў ҳәм раўажландырыў бағдарламасы ҳәм оны әмелге асырыў бойынша «жол картасы»нда белгиленген ўазыйпалардың толық және сапалы әмелге асырылыўы бойынша жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырсын.
Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Аслонов) ҳәм Өзбекстан этноспорт ассоциациясы (О.Норинбаев) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте 2023-жылдан баслап этноспорт түрлери бойынша жарысларды ҳәр жылы дәстүрий түрде 1-марттан өткерсин.
Этноспорт түрлери бойынша жарысларды шөлкемлестириў ҳәм өткериўге байланыслы қәрежетлер 2023-жылғы спорт ҳәм ғалабалық денетәрбия илажларының календарь режесинде нәзерде тутылған қаржылар есабынан қапланатуғыны белгиленсин.
- Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Аслонов) ҳәм Өзбекстан этноспорт ассоциациясы (О.Норинбоев) төмендеги тийкарғы бағдарларды басқышпа-басқыш әмелиятқа енгизиў бойынша зәрүр илажлар көрсин:
халықтың барлық қатламларын этноспорт пенен шуғылланыўға кеңнен тартыў, этноспортты ғалаба ен жайдырыў ҳәм халық арасында үгит-нәсиятлаў;
мәҳәллелерде этноспорт түрлери бойынша халық ойынларын ҳәм жарысларды өткериў;
Пүткил дүнья жүзилик этноспорт конфедерациясы менен бирге ислесиў байланысларын күшейтиў, бул бағдарда халықаралық байланысларды раўажландырыў.
- 2023-жылдан баслап дәстүрий түрде:
Ташкент қаласында ҳәр жылы бир мәрте этноспорт түрлери бойынша «Uzbekistan Ethno Games» республикалық фестивалы;
Хийўа қаласында ҳәр еки жылда бир мәрте Халықаралық этноспорт фестивалы шөлкемлестирилетуғыны. Онда «Ичан қалъа» комплексинде фестивальдиң ашылыў ҳәм жабылыў мәресимлериниң өткерилетуғыны белгилеп қойылсын.
Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Аслонов), Өзбекстан этноспорт ассоциациясы (О.Норинбаев) Ташкент қаласы (Ж.Артикходжаев) ҳәм Хорезм ўәлаяты (Ф.Эрманов) ҳәкимликлери менен биргеликте жоқарыдағы фестивалларды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў, жарысларға жасларды кеңнен тартыў илажларын көрсин, зәрүр жағдайларда, тийисли усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги (А.Абдухакимов) жоқарыдағы фестивальларды туристлик маршрутлар объектлери дизимине киргизсин, оларға сырт ел ҳәм жергиликли туристлерди тартсын ҳәм туристлерге миллий спорт түрлери ҳәм халық ойынларының тарийхы және әҳмийети ҳаққында мағлыўматларды жеткериў илажларын көрсин.
- Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги (Б.Онорбоев), Халық билимлендириў министрлиги (У.Шарифходжаев), Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (К.Каримов) Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Аслонов) ҳәм Өзбекстан этноспорт ассоциациясы (О.Норинбаев) менен биргеликте:
миллий спорт түрлери ҳәм халық ойынларының мәниси ҳаққында үгит-нәсиятлаў материаллары (қолланба, буклет, баннер, флайер ҳәм басқалар)н таярласын ҳәм барлық билимлендириў мәкемелеринде олардың денетәрбия, интеллектуаллық, руўхый-әдеп-икрамлылық жақтан тутқан орны туўралы денетәрбия сабақлары ҳәм мәнәўият саатларында түсиниклер берилиўин шөлкемлестирсин;
социаллық тармақларда жасларды этноспорт түрлерине кеңнен тартыў, олардың арасында жарысларды ғалаба ен жайдырыўға қаратылған мотивациялық роликлер тарқатсын;
билимлендириў мәкемелеринде миллий спорт түрлери ҳәм халық ойынлары бойынша жарыслардың турақлы түрде өткерилиўин шөлкемлестирсин, жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған топарларды өз қаржылары есабынан хошаметлеў илажларын көрсин;
билимлендириў мәкемелеринде маман устазлар, тренерлер, палўанлар ҳәм қәнигелердиң қатнасыўында семинар, тренинг, шеберлик сабақларының шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин.
- Мәденият министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Спортты раўажландырыў министрлигиниң:
2023-2024-оқыў жылынан баслап Республикалық эстрада цирк колледжинде палўанлық ҳәм дәрўазлық көркем өнери бағдарында орта буўын кадрларды таярлаў;
2023-жылдан баслап, ҳәр еки жылда бир мәрте палўанлар ҳәм дәрўазлардың қатнасыўында «Палўанлар әўлады» таңлаўын өткериў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
Мәденият министрлиги (О.Назарбеков) үш ай мүддетте:
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте дәрўазлық ҳәм палўанлық бағдары бойынша оқыў реже ҳәм оқыў бағдарламаларын тастыйықласын.
Спортты раўажландырыў министрлиги менен биргеликте «Палўанлар әўлады» таңлаўы ҳаққындағы режени тастыйықласын. Онда, таңлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериўге байланыслы қәрежетлер 2023-жылғы спорт ҳәм ғалабалық денетәрбия илажларының календарь режесинде нәзерде тутылған қаржылар есабынан қапланады.
- Инновациялық раўажланыў министрлиги (И.Абдурахманов) 2023-2025-жыллар ушын мәмлекетлик илимий-техникалық бағдарламалардың жойбарларын қәлиплестириўде миллий спорт түрлери ҳәм халық ойынлары бойынша илимий-изертлеў жойбарлары ушын таңлаў жәрияланыўын тәмийинлесин.
- Спортты раўажландырыў министрлиги Мәденият министрлиги, Сыртқы ислер министрлиги, Өзбекстан этноспорт ассоциациясы. ЮНЕСКО ислери бойынша Миллий комиссия менен биргеликте 2023-жылдың ақырына шекем маман қәниге ҳәм халықаралық экспертлерди тартқан ҳалда:
ЮНЕСКО шөлкеминен материаллық емес мәдений мийрас статусы алыныўы мүмкин болған этноспорт түрлериниң дизимин қәлиплестирсин;
этноспорт түрлериниң ЮНЕСКОның материаллық емес мәдений мийрас дизимине усыныс етилиўин тәмийинлесин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери:
бир ай мүддетте ҳәр бир район (қала)ның өзине тән өзгешелигинен келип шығып, халықтың пикир-усынысларын есапқа алған ҳалда, быйылғы жыл ушын миллий спорт түрлери ҳәм халық ойынларын ғалаба ен жайдырыў ҳәм раўажландырыў, спорт жарысларын шөлкемлестириў бойынша аймақлық бағдарламаларды қабыл етсин, сондай-ақ, келешекте усындай бағдарламаларды ҳәр жылы 1-февральға шекем тастыйықласын ҳәм орынланыўын тәмийинлесин;
2023-жылғы ҳәм келеси жыллардағы спорт ҳәм ғалабалық денетәрбия илажларының аймақлық календарь режелерине район (қала)ларда этноспорт түрлери бойынша жарысларды өткериў ушын зәрүр қаржылардың ажыратылыўын тәмийинлесин;
2023-жылдан баслап Наўрыз улыўмахалықлық байрамын белгилеўге байланыслы илажлар шеңберинде миллий спорт түрлери ҳәм халық ойынлары бойынша жарыслар шөлкемлестирсин;
«устаз-шәкирт» дәстүри тийкарында даўам етип киятырған палўанлық ҳәм дәрўазлық көркем өнерин және де кеңирек ен жайдырыў мақсетинде палўанлық ҳәм дәрўазлық көркем өнери дөгереклерин шөлкемлестирсин;
2023-жыл 1-январьға шекем ҳәр бир аймақта ат спорты түрлерине тийисли болған инвентарьлардың саўдасын жолға қойыў мақсетинде дүканлардың жумысын шөлкемлестирсин.
- Өзбекстан Республикасы миллий спорт түрлери ҳәм халық ойынлары энциклопедиясын өзбек, рус ҳәм инглис тиллеринде топлам ҳалында баспаға таярлаў жумысларының жуўмақланғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Аслонов), Өзбекстан этноспорт ассоциациясы (О.Норинбаев), Өзбекстан Пәлўанлар миллий орайы (Н.Юсупов) еки ай мүддетте:
энциклопедияның басып шығарылыўы ҳәм Пүткил дүнья жүзилик этноспорт конфедерациясы, ЮНЕСКО, министрликлер, уйым, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары, спорт федерациясы (ассоциация)лары ҳәм басқа да шөлкемлерге бөлистириў бойынша жеткерилиўин тәмийинлесин;
Өзбекстан Миллий медиа ассоциациясы, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги менен биргеликте энциклопедия презентациясын шөлкемлестирсин ҳәм бул процессти ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда кеңнен сәўлелендириў жумысларын әмелге асырсын.
- Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Аслонов), Өзбекстан этноспорт ассоциациясы (О.Норинбаев), Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (А.Кўчимов) ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.Хаджаев) еки ҳәпте мүддетте усы қарар тийкарында әмелге асырылып атырған жумысларды ғалаба ен жайдырыўға қаратылған мақалалар, тематикалық телекөрсетиўлер шөлкемлестириў ҳәм төмендегилерди нәзерде тутатуғын миллий спорт түрлери ҳәм халық ойынларын кеңнен үгит-неәсиятлаў бойынша медиа-реже ислеп шықсын ҳәм әмелге асырсын:
«Миллий халық ойынлары – миллий мақтаныш» рубрикасы ҳаққында арнаўлы роликлер таярлаў ҳәм эфирге жайластырыў;
миллий спорт түрлери ҳәм халық ойынларын үгит-нәсиятлаў ҳәм және де ғалаба ен жайдырыў бойынша палўанлар ҳәм ҳүрметли устазлардың қатнасыўында дүрким көрсетиўлерди шөлкемлестириў;
жаслар арасында өзбек миллий халық ойынларын кеңнен үгит-нәсиятлаў, оларда ўатансүйиўшилик сезимин оятыў, саламат турмыс тәризине әмел етиўге ийтермелеўге қаратылған көрсетиўлерди көрсетиў арқалы ғалаба ен жайдырыў.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип спортты раўажландырыў министри А.И.Икрамов, спортты раўажландырыў министриниң орынбасары А.У.Аслонов, Өзбекстан этноспорт ассоциациясының баслығы О.К.Норинбаев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери белгиленсин.
Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.
Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша 2023-жыл 1-январьға шекем Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына мәлимлеме берилсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 25-май