Шаңарақ жәмийетимиздиң басланғыш буўыны сыпатында халқымыздың үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин ҳәм қәдириятларын өзинде сақлайтуғын муқаддес дәргай болып есапланады.

Усы жылы 15-майда «Халықаралық шаңарақ күни» мүнәсибети менен Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының «Май – Шаңарақты беккемлеў, шаңарақлық қәдириятлар ҳәм дәстүрлерди ардақлаў айлығы» шеңберинде партияның Ҳаял-қызлар қанаты тәрепинен «Саламат шаңарақ – саламат әўлад» атамасындағы 10 күнлик акция жәрияланған еди.

Акция шеңберинде партия жанындағы «Депутат ҳаял-қызлар клубы»ның ағзалары, республикамыздағы бир қатар үлгили шаңарақлардың қатнасыўында Нөкис қаласының улыўма билим бериў мектеплериниң жоқары класс оқыўшыларына «Шаңарақ сабақлары»н өткермекте.

Нөкис қаласындағы 2-санлы информатика ҳәм мәлимлеме технологиялары пәнин оқытыўға қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектебинде усындай илаж өткерилди.

Республикамызға белгили үлгили шаңарақлардың бири, 2014-жылғы «Үлгили шаңарақ» таңлаўының жеңимпазы, миллий қәдириятларымызды раўажландырыўға үлкен үлесин қосып киятырған, көркем өнер шеберлери Жеңисбек, Жәнибек, Ақылбек Пиязовларды кәмалға келтирген Бүркит Пиязов ҳәм Инжигүл Сабурова менен «Шаңарақ сабағы» темасында ашық сәўбетлесиў өткерилди.

Сәўбетлесиў даўамында Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты Г.Қожабаева, ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң жетекши қәнигеси Г.Джумагулова ҳәм Пиязовлар тәрепинен шаңарақтың муқаддеслиги, шаңарақлық мүнәсибетлерди тәртипке салыўшы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер, динимизде шаңарақтың муқаддеслигин сақлаў ҳаққында нәзерде тутылған тәреплер, егер шаңарақларда тынышсызлық ямаса ажырасыў жағдайлары болса, бул перзентлер тәрбиясына да унамсыз тәсир көрсететуғынлығы, әсиресе, бундай шаңарақлардың көпшилик жағдайларда жәмийетте өз орнына ийе болыўында қыйналатуғынлығы яки руўхый түскинликте болатуғынлығы сыяқлы тәреплери атап өтилип, баҳалы мағлыўматлар берилди.

– Партияның сайлаўалды бағдарламасында да шаңарақларды беккемлеў ҳәм шаңарақлық қәдириятларды ардақлаў, жас шаңарақларға ғамхорлық көрсетиў, олардың ҳуқықый ҳәм социаллық қорғалыўын күшейтиў, саламат ҳәм беккем шаңарақлардың санын және де көбейтиў ушын зәрүр шараятларды жаратыў мәселелерине айрықша итибар қаратылған,-дейди Г.Джумагулова.

Ашық сәўбетлесиўде пикир-усыныслар билдирилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги