Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын, соның ишинде, кем тәмийинленген балалы шаңарақларды анық бағдарланған тәризде мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, олардың материаллық абаданлық дәрежесин арттырыў, кексе әўлад ўәкиллери мәплериниң қорғалыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, адамгершилик, мийрим-шәпәәт, сақаўат илажларын избе-из даўам еттириў мақсетинде:

  1. Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан социаллық қорғаўға мүтәж халықтың төмендеги қатламларына бир мәртелик материаллық жәрдем көрсетилсин:

а) жасқа байланыслы, майыплық пенсиясы ҳәм напақасын алыўшыларға, балалықтан майыплық напақасын және бағыўшысын жойытқанлық пенсиясын ҳәм напақасын алыўшы ҳәр бир шаңарақ ағзасына ҳәм басқалардың күтимине мүтәж майыплығы болған 18 жасқа шекемги балалардың тәрбиялаў напақасын алыўшыларға:

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда – 300 мың сумнан;

Ташкент қаласында – 400 мың сумнан.

Өзбекстан Республикасы республикалық бюджети есабынан басқа уйымлар арқалы пенсия алыўшыларға тийисли министрлик ҳәм уйымлар тәрепинен усы бәнттиң «а» киши бәнтинде нәзерде тутылған шәртлерде ҳәм муғдарларда бир мәртелик материаллық жәрдем көрсетиледи;

б) «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасы арқалы кем тәмийинленген сыпатында материаллық жәрдем алатуғын шаңарақларға ҳәм кем тәмийинленген сыпатында балалар напақасын алыўшы шаңарақлардың ҳәр бир 18 жасқа толмаған баласына – 200 мың сумнан.

Бир неше категория бойынша бир мәртелик материаллық жәрдем алыў ҳуқықына ийе болған шахсларға бир мәртелик материаллық жәрдем ҳәр бир категория бойынша төлеп бериледи.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, Орайлық банк ҳәм коммерциялық банклер усы қарарда белгиленген бир мәртелик материаллық жәрдем төлемлериниң еки ҳәпте мүддетте толық төлениўин тәмийинлесин.
  2. Қаржы министрлиги бир ҳәпте мүддетте усы қарар менен байланыслы илажларды қаржыландырыў ушын зәрүр болған қаржыларды Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетинен Пенсия қорына сондай-ақ, тийисли министрлик ҳәм уйымларға ажыратылыўын тәмийинлесин.

4. Усы қарарға муўапық көрсетилип атырған бир мәртелик жәрдемниң мақсетли ҳәм мәнзилли жеткерилиўин тәмийинлеў бойынша төмендегилер жуўапкер етип белгиленсин:

Пенсия қоры – бир мәртелик материаллық жәрдем ушын қәлиплестирилген төлем дизимлери бир күнде Өзбекстан Республикасы акционерлик коммерциялық Халқ банки ҳәм басқа да коммерциялық банклерге жеткерилиўин тәмийинлеў бойынша;

Өзбекстан Республикасы  акционерлик коммерциялық Халқ банки, басқа пенсия ҳәм напақа тарқатыўшы коммерциялық банклер, Өзбекстан Республикасы  республикалық бюджети есабынан пенсия тайынлаўшы министрликлер ҳәм уйымлар – тийислилиги бойынша бир мәртелик материаллық жәрдем пуллары ийелерине өз ўақтында мәнзилли жеткерилиўин шөлкемлестириў бойынша;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери – бир мәртелик материаллық жәрдемниң өз ўақтында мәнзилли тарқатылыўын тәмийинлеў және қадағалаў бойынша зәрүр илажларды шөлкемлестириў бойынша;

Қаржы министрлиги-зәрүр қаржылардың бюджеттен тысқары Пенсия қоры және пенсия тайынлаўшы тийисли министрликлер ҳәм уйымларға толық ҳәм өз ўақтында ажыратылыўы бойынша.

^йинде ўақтынша болмағанлығы ямаса басқа да себеплерге бола бир мәртелик материаллық жәрдем пулларын өз ўақтында ала алмаған пуқараларға төленбеген материаллық жәрдем пулларын 2022-жыл 1-сентябрьге шекем алыў ҳуқықына ийе екенлиги белгиленсин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, район (қала) ҳәкимлери, сектор басшылары:

а) «Темир дәптер»ге киргизилген ҳәм усы қарарға тийкарланып бир мәртелик материаллық жәрдем пулларын алмаған жәрдемге мүтәж шаңарақлар дизимин қәлиплестирсин және «Сақаўат ҳәм көмек» қорының қаржылары есабынан усы шаңарақлардың ҳәр бир ағзасына 20 килограммнан бийпул ун тарқатсын;

б) социаллық жағдайы аўыр болған шаңарақларға «Сақаўат ҳәм көмек» қоры ҳәм басқа да дәреклер есабынан бийпул ун тарқатыўды ямаса нақ пул көринисинде материаллық жәрдем көрсетип барыўды тәмийинлесин.

Онда, 2022-жыл даўамында мәкан пуқаралар жыйынларының баслықлары ҳәким жәрдемшилери менен биргеликте ҳәр бир мәкан пуқаралар жыйынларында жәрдемге мүтәж шаңарақлардың жағдайын турақлы түрде үйренип барады.

  1. Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) бир ҳәпте мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң резерв қоры есабынан Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың жергиликли бюджетлери арқалы «Сақаўат ҳәм көмек» қорларына қосымшаға муўапық қаржы ажыратылыўын тәмийинлесин.
  2. Қаржы министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги менен биргеликте усы қарардың мақсет ҳәм ўазыйпаларын ғалаба хабар қуралларында ҳәм Интернет тармағында кеңнен сәўлелендириў жумысларын шөлкемлестирсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                             Ш.МИРЗИЁЕВ

 

Ташкент қаласы,

2022-жыл 25-май