Жоллар мени алып келди
Сениң босағаң таман.
Сенде өткен жылларды енди
Мәңгиликке жойтаман…
Төрт корпусың – төрт тәрепим:
Батыс, Шығыс, Арқа, Қублам.
Мен өзиңе сәжде еттим,
Қыялымда тиклеп мудам.
Сағынаман муғаллимниң
Кейислерин баяғы.
Ол пайытлар енди кем-кем
Өз реңин жояды…
Тақтада болмас ҳәтте,
Биз салған ҳәриплер де,
Жоллар мени алып кетти,
Қашшан сен тәреплерден.
* * *
Жасырынбақ ойнап жүргенбиз талай,
Маўқымыз басылмай геўгим түскенше.
Анам излер еди тақаты болмай:
«Бизиң Патийманы көрдиңбе, шеше?»
Жыллар өтип кетти. Есейдик бизлер.
Ойынды да қойдық. Бирақ балалық
Жасырынбақ ойнап жүрипти еле,
Шөплер арасынан табылмас қайтып…
* * *
Муғаллимим талай сорады меннен:
«Айт, қәне, сабаққа неге кешиктиң?»
«Саат тоқтап қапты» …Дуў күлер ҳәмме,
Жуўабым тайын мудам үйреншикли.
Он сегизге толдым. Ушыраттым сени,
Налыдың: «Жангенем, неге кешиктиң?»
Жуўап бере алмадым. Дүньяға келиў
Буншелли бийтәртип болды неликтен?!
Телефон соғаман тез-тез үйиңе,
«Ол еле қайтпады» дейди әллеким.
Әсте сыбырлайман: «кешиктиң неге?»
Жуўапсыз қалады саўалым ҳәр күн…
* * *
Мен бир неше жыллар илгери буннан
«Айқан жап», бойында айрылдым мәңги
Сада, бийғам, тентек балалығымнан,
Ол излерим қашшан шаңға көмилди…
Онша көп те емес сени билгенлер,
Елеспесиз болып аңсаған әсте.
Ҳақым жоқ ҳеш сени кишкене деўге
Сениң толқыныңсыз өмирим қәсте.
Бүгин келип турман жағаңа сениң,
Лекин, өте өте алмады арғы тәрепке.
Көпир жоқ, урлапты оны әллеким,
Жүз жыл тырбансақ та қурылмас ҳәтте.
Үнсиз тигилемен арғы жағыңа,
«Минайым биймаза» боп жуўырған жерим…
Тентеклигим мийрас толқынларыңа,
Монумент орнатты саған жүрегим.
Патийма МЫРЗАБАЕВА,
шайыр.
Қарақалпақстан хабар агентлиги