24-25-май күнлери Ташкент қаласында жас өспиримлер ҳәм жаслар арасында қылышласыў спортының сабля түринен Өзьекстан чемпионаты болып өткен еди.
Чемпионатта жекке беллесиўлер бойынша жаслар арасында Гүлистан Пердебаева, жас өспиримлер арасында Аякөз Жумамуратова биринши орынды жеңип алды.
Бүгинги командалық жарыста жаслар арасында ер балалардан ҳәм қызлардан ибарат Қарақалпақстан-1, Қарақалпақстан-2 командалары 1- ҳәм 2- орынларды жеңип алды. Жас өспиримлер қызлар ҳәм ер балалар командалары 3-орын менен шекленди.
Жарысқа спортшыларымызды Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен тренер Дәўирбек Жийемуратов, Сәрдар Назарымбетов, Руслан Султанов, Ильвир Қутлымуратов, Азамат Қудияровлар таярлады.
Мағлыўмат ушын, бул чемпионатта 1,2,3-орынларды ийелеген жаслар жоқары оқыў орынларының денетәрбия ҳәм спорт тәлими қәнигелигине тест имтиханларысыз қабыл етиледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги