Усы жыл 2-февраль сәнесинде Президентимиз тәрепинен «Мәденият ҳәм көркем өнер тараўын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Қарарда халқымызға, әсиресе, алыс аймақларда жасайтуғын пуқараларға мәдений дем алыс хызметлерин көрсетиў дәрежесин арттырыў, қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылған. Қарарда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 2022-жыл 23-май күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар тәрепинен концерт бағдараламасы болып өтти.

Дәслеп, театр фойесинде студент-жаслардың илим-билим, көркем өнер ҳәм спорт тараўы бойынша түрли таңлаў ҳәм жарысларда ерискен жетискенликлерин сөз етиўши көргизбе шөлкемлестирилди.

Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Қ.Турдиев ҳәм филиал директоры А.Аяповлар шығып сөйлеп, елимизде жасларды музыка, әдебият, театр ҳәм көркем өнерге болған сүйиспеншилигин арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға айрықша тоқтап өтти. Сондай-ақ, студент-жаслардың үлкен сахнада шөлкемлестирген концерт бағдарламасына табыслар тилеп, көркем өнер ҳәм мәдениятымыздың раўажланыўына үлес қосатуғын көркем өнер шеберлери болып жетилисиўне тилеклеслик билдирди.

Илажда атап өтилгениндей, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы республикамыздағы мәденият ҳәм көркем өнер, театр, кино, телевидение ҳәм халық дөретиўшилиги бағдарлары бойынша жоқары маманлықтағы қәнигелерди таярлап беретуғын жоқары оқыў орны есапланады. Бүгинги күнде филиалда 16 тәлим бағдары бойынша мыңнан аслам студент-жаслар билим алып, оларға 59 профессор-оқытыўшы билим берип келмекте. Олардан 6 профессор, 12 илим кандидаты, 3 доцент, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артистлери, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен артистлер, Қарақалпақстан халық бақсыларының бар екенлиги теория ҳәм әмелиятты байланыстырыўда, сондай-ақ, студент-жаслардың өз тәлим бағдарлары бойынша маман қәнигелер болып жетилисиўинде үлкен әҳмийетке ийе. Әлбетте, усындай устазлардан билим алған жаслар арасынан келешекте актёр ҳәм режиссёрлар, драматург, бәлент лапызлы бақсылар, эстрада қосықшылары ҳәм көркем өнер ҳәм мәдениятымыздың раўажланыўында үлес қосатуғын басқа да талант ийелери жетилисип шығады деп исенемииз.

Бүгинги күнде филиалда студент-жаслардың мәденият ҳәм көркем өнерге болған қызығыўшылығын арттырыў, оларға қарақалпақ, өзбек ҳәм басқа да халықлардың миллий ойын үлгилерин кеңнен үйретиўде «Тумар» ансамбли ҳәрекет етип келмекте.  Қәбилетли жаслар қурамынан дүзилген ансамбль жәмәәти елимиздиң Ғәрезсизлик, Наўрыз байрамлары ҳәм басқа да илажларда өзлериниң концерт бағдарламалары менен қатнасып, халқымыздың жүрек төринен орын алып келмекте.

Филиал жәмәәти ҳәм студент-жаслар тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы ҳәм сахналық көринислер жыйналғанларда айрықша тәсир қалдырды. Әсиресе, “Көркем өнер мәденият институтымсаң” қосығын хор жәмәәти менен қосыла атқарды.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги