Шымбай районында ҳәзирги ўақытта 48 улыўма орта билим бериў мектеплери болып, быйылғы жылы усы мектеплердиӊ 11-класын 1201, 9 – класын 1604 оқыўшы питкерип шықпақта.

Бүгин республикамыздыӊ барлық мектеплеринде болғаны сыяқлы райондағы ҳәмме мектеплерде «Соӊғы қоӊыраў» кешелери салтанатлы түрде өткерилди.

Атап айтқанда район орайында жайласқан 38 ҳәм 41-санлы мектеплерде шөлкемлестирилген усындай илажларға район ҳәкими Айбек Тажетдинов, районлық Халық билимлендириў бөлими баслығы Эльмира Мамбеткаримовалар қатнасты.

Илажда район ҳәкими тәрепинен Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтиӊ питкериўши жасларға жоллаған байрам қутлықлаўы оқып  еситтирилди ҳәм район ҳәкимлиги атынан да мектеп жәмәәтин бүгинги байрам менен қутлықлады.

Сондай-ақ, кешеде «Шымбай районы ҳәкиминиӊ кубоги» ушын  өткерилген пәнлер олимпиадасында 1-орынды ийелеген 38-санлы мектепке арнаўлы таярланған кубок, билимлендириў тараўында жоқары жетискенликлерге ерисип киятырған бир қатар үлгили педагоглар ҳәм мектепти айрықша баҳалар менен питкерген питкериўшилерге Ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Байрам кешеси мектеп питкериўшилери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы