Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлиминде «Арал теңизи ҳәм Аралбойының геоэкологиялық машқалалары ҳәм олардың инновациялық шешими» атамасында Республикалық илимий-әмелий семинар болып өтти.
Оған Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардағы бир қатар жоқары оқыў орынларының, илимий-институтлардың таяныш докторантлары, ӨзРИА Қарақалпақстан бөлиминиң илимий хызметкерлери, Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының профессор-оқытыўшылары қатнасты.
Семинардың мақсети – ӨзРИА Сейсмология институты ҳәм ӨзРИА Қарақалпақстан бөлими, Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының илимий хызметкерлери ҳәм профессорлары, магистрантлары менен илимий бирге ислесиў, илимий тәжирийбе алмасыў, алдағы ўақытлары биргеликте әмелге асырылатуғын илимий-изертлеў жумысларын келисип алыўдан ибарат.
Семинарда ӨзРИА Сейсмология институтының киши илимий хызметкерлери Ф.Қузиев, А.Ахмаджонов, Өзбекстан Миллий университетиниң таяныш докторанты Б.Носиров, Қарақалпақ тәбийғый илимлер илимий-изертлеў институтының киши илимий хызметкерлери Г.Матекова, З.Наўрызбаева ҳәм басқалар шығып сөйлеп, қаралатуғын мәселелер бойынша баянатлар жасады.
Атап өтилгениндей, Арал теңизиниң қурыўы – глобал экологиялық апатшылықлардың бири болып, қәсийети ҳәм көлемине бола ҳәр қыйлы экономикалық, социаллық ҳәм экологиялық-геоэкологиялық машқалаларды келтирип шығармақта. Әсиресе, теңиздиң қурыған ултанынан күшли самал есиўи себепли көтерилип атырған шаң, дуз ҳәм қумлар аймақты қамтып алып, бүгинги күнде теңиздиң қурыған 5,7 миллион гектардан ибарат майданы қум ҳәм дузлы саҳраға айланды.
Үйренилген мағлыўматларға қарағанда теңиздиң түбинен атмосфераға ҳәр жылы 75-100 миллион тоннадан аслам шаң ҳәм зәҳәрли дузлар көтерилип, 400 мың километрлик майданға тарқалмақта.
– Топырақтың шорланыўы жер деградациясының анық белгилеринен бири болып, олардың баҳасын сезилерли дәрежеде төменлетеди,-дейди Қарақалпақ тәбийғый илимлер илимий-изертлеў институтының «Химия» лабораториясы киши илимий хызметкери З.Наўрызбаева. – Республикамыз аймағындағы топырақлардың деградациясына тийкарынан еки фактор себепши болмақта.
Бириншиси ҳаўа жолы менен – арқа-батыс ҳәм арқа тәрептен келген суўық ҳаўаның ағымы нәтийжесинде пайда болатуғын күшли самал нәтийжесинде пайда болатуғын күшли шаң-бораны себепли Арал теңизиниң қурыған ултаны дузларының миграциясы, екиншиси ирригация ҳәм мелиорация нәтийжесинде жер асты суўларының көтерилиўи ҳәм миграциясы нәтийжесинде деградация жағдайы жүзеге келмекте.
2018-жылдың 27-28-май күнлери усындай күшли шаң-тозаң көтерилген еди. Дуз аралас шаңның химиялық ҳәм физика-химиялық қурамы үйренилгенде шаң-тозаңнан жыйналған үлгилер тийкарынан дуз аралас жүдә үлкен (1-100 нм) өлшемдеги шаң бөлеклеринен ибарат екенлиги анықланды.
Лабораториялық изертлеўлер нәтийжесинде Нөкис қаласынан жыйнап алынған шаң-тозаңның қурамы суўда ерийтуғын ҳәм еримейтуғын дузлардан туратуғынлығы анықланды.
Арал теңизиниң ашық түби минерал дузлар ҳәм мелиоратив коллекторлардан ағып келетуғын басқа зыянлы дузлардың араласпасынан ибарат теңиз дузлары менен қапланған. Алынған нәтийжелер бойынша ҳаўаға ушып атырған дузлы шаң халықтың денсаўлығына қәўип туўдырады ҳәм әтираптағы топырақлардың өнимдарлығының азайыўына алып келеди. Бул халық арасында ҳәр қыйлы дем алыў системалары кеселликлериниң күшейиўине ҳәм аўыл хожалығы өнимлерининиң өнимдарлығы азайыўына алып келеди.
Семинарда Арал теңизиниң қурыған ултанынан көтерилип атырған дуз ҳәм қум миграциясын геоинформациялық система технологиялары тийкарында картографиялық модельлестириў ҳәм прогноз карталарын ислеп шығыў мәселелери додаланды.
Сондай-ақ, Арал бойы регионы бойынша дуз ҳәм қум көшиўи менен байланыслы көп жыллық климатлық мағлыўматларды үйрениў ҳәм талқылаў, аэрокосмослық ҳәм дала тәжирийбе методлары тийкарында дуз, қум ҳәм шаңның көтерилиўи және оның топырақ шараятларына муғдарлық тәсирин баҳалаў, теңиз ултанынан көтерилип атырған дуз ҳәм қум миграциясын Қарақалпақстан аймағындағы аўыл хожалығы жерлерине тәсирин баҳалаў, оның геоинформациялық система технологиялары тийкарында санлы, картографиялық мағлыўматлар базасын, программалық тәмийнатының қосымшасын жаратыў мәселелери додаланып пикир-усыныслар билдирилди.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги