«Қоңырат сода заводы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қоспа кәрханасында билимлендириў ҳәм өндирис тараўында бирге ислесиўди жолға қойыў, солай етип, жас қәнигелерди таярлаўға айрықша итибар қаратылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 12-августтағы «Химия ҳәм биология бағдарларында үзликсиз билимлендириўдиң сапасын арттырыў ҳәм илим нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде кәрхананың инновациялық технологиялар, илимий изертлеўлерди ислеп шығарыў ҳәм енгизиў бөлиминиң қәнигелери тәрепинен бир қатар билимлендириў мәкемелеринде ушырасыўлар, дөгерек сәўбетлери шөлкемлестирилмекте. Усындай ушырасыў Елликқала  районындағы 8-санлы улыўма билим бериў мектебинде, Хорезм ўәлаяты Үргениш районындағы 45-санлы қәнигеслестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектеп-интернатында, Қоскөпир районындағы 9-санлы химия-биологияға қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектебинде болып өтти.

Илажда қәнигелер оқыўшыларға  химия пәниниң раўажланыўы менен елимизде жаңадан қурылып атырған завод ҳәм кәрханалар, олардағы өнимлер таярлаў процесслери, экономикалық раўажланыў көлеми, қәнигелер таярлаўға қаратылып атырған итибар бойынша мағлыўматлар берилмекте. Оқыўшылар әсиресе, Орайлық Азияда бирден-бир есапланған «Қоңырат сода заводы» бойынша өзлерин қызықтырған көплеген сораўларға жуўап алмақта.

Бундай ушырасыўларды басқа да билимлендириў мәкемелеринде өткериў режелестирилген.

Парўаз БАШЕРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги