Социаллық тармақларда газ ҳәм электр энергиясына төлем баҳаларының көбейтилиўи бойынша хабарлар тарқалды. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги мәлимлеме хызмети бул хабарлар бойынша анықлық киргизип өтти.
«Сизлерге соны мәлим етемиз, ҳәзирги ўақытта халық ҳәм экономикалық тармақларды сапалы ҳәм үзликсиз электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ бенен тәмийинлеў мақсетинде энергетика тараўын реформалаўға бағдарланған Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Жанармай-энергетика ресурсларының баҳалары ҳәм тарифлерин өзгертиў ҳаққында»ғы қарарының жойбары таярланып атырған болып, ҳүжжеттиң жойбары додалаў ушын «Regulation.gov.uz»ға орналастырылады ҳәм пуқаралардың пикир-усыныслары көрип шығылады»,-деп жазылған хабарда.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.