Бүгин, 25-май күни елимиздеги барлық улыўма билим бериў ҳәм қәнигелестирилген мектеплерде питкериўши класс оқыўшыларының «Соңғы қоңыраў» кешелери болып өтти.

Пайтахтымыздағы Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебинде өткерилген усындай байрам илажында мектеп директоры Р.Ташимов мектеп питкериўшилери ҳәм илаж қатнасыўшыларына Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди.

Быйылғы оқыў жылында Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебин улыўма 41 оқыўшы питкерип атырған болып, олардың барлығы келешегинен үлкен үмит күттиретуғын оқыўшы-жаслар есапланады.

Атап айтқанда, питкериўши класс оқыўшыларынан Әжинияз Атаниязов дүнья жүзилик рейтинг шөлкемлери тәрепинен жоқары баҳаланған 7 университетке экономика бағдары бойынша, сондай-ақ, Гүлжамал Оспанова АҚШтың 6 университетине улыўма 345 мың АҚШ доллары муғдарында грант жеңимпазы болып, оқыўға қабыл етилди.

Соның менен бирге, мектеп питкериўшилери арасында Сақып Қайыпназарова шет тиллерин билиў бойынша халықаралық IELTS имтиханларынан улыўма 6.0 балл, және бир үмитли оқыўшы Әлибек Таўмуратов усы имтиханнан 6,5 балл топлап, халықаралық сертификатларды қолға киргизди.

Өткерилген илаж даўамында оқыўшылар ҳәм олардың ата-аналары сөзге шығып, мектеп жәмәәти, муғаллим ҳәм устазларына миннетдаршылық билдирип, олардың үмитлерин ақлаў ушын ҳәрекет ететуғынлығын атап өтти.

Илажда оқыў ҳәм жәмийетлик жумысларда белсендилик көрсеткен мектеп оқыўшыларына ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

Байрам кешеси мектеп оқыўшыларының концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.