Бүгин барлық улыўма орта билим бериў мектеплериниң 11-класын тамамлап, үлкен өмир жолына қәдем қойып атырған питкериўши жаслар ушын умытылмас күн. Олар бул күни бахытлы балалығы, Ана-мектеби, қәдирли устазлары ҳәм он бир жыл бирге оқыған дослары менен хошласады.
Ерте таңнан мәмлекетимиздеги барлық мектеплер сыяқлы Кегейли районындағы улыўма орта билим бериў мектеплеринде соңғы қоңыраў сеслери жаңлап байрам илажлары баслап жиберилди.
Районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 1-санлы улыўма билим бериў мектебинде өткерилген байрам илажына Кегейли районы ҳәкими Дәўлетбай Утемуратов ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Илажда район ҳәкими тәрепинен Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтиӊ питкериўши жасларға жоллаған байрам қутлықлаўы оқып еситтирилди ҳәм район ҳәкимлиги атынан да мектеп жәмәәтин бүгинги байрам менен қутлықлады.
Салтанатлы кешеде өзлериниӊ пидайылығы менен басқаларға өрнек болып жүрген муғаллимлерге, мектепти айрықша баҳаларға питкерип шыққан бир қатар питкериўшилерге Ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Сондай-ақ, илажда усы мектеп директоры Шарапат Шаниязов, нураный Шернияз Панаевлар шығып сөйлеп, питкериўшилерге ҳақ жол тиледи.
Мағлыўмат ушын айтып өтетуғын болсақ, быйыл Кегейли районындағы жәми 38 улыўма орта билим бериў мектеплерин 703 оқыўшы табыслы тамамлап, үлкен өмирге қәдем қоймақта.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы